Рамазан – мийрим-шәпәәт, аўызбиршилик ҳәм шүкиршилик айы

36

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен өткерилген мәжилисте социаллық қорғаўға мүтәж халықты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылып, анық ўазыйпалар белгилеп берилген еди. Бундай ийгиликли басламалар елимизде «Инсан қәдири ушын» принципиниң әмелдеги айқын көриниси болып табылады.

Усы қәдириятларға сай  Рамазан айы мүнәсибети менен республикамыздың басқа аймақларында болғаны сыяқлы, «Рамазан – мийрим-шәпәәт, аўызбиршилик ҳәм шүкиршилик айы» сүрени менен Шымбай районында аймақтың ҳүрметли нураныйлар, социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлар ўәкиллери ҳәм физикалық имканияты шекленген пуқаралар ушын дастүрхан жайылып, ифтарлық берилди.

Онда район ҳәкими А.Тажетдинов ҳәм аймақ жасыүлкенлери шығып сөйлеп, елимизде барлық тараўлар сыяқлы, диний тараўда да халқымыз ушын кең мүмкиншилик ҳәм имканиятлар жаратылып берилгенин, бундай қолайлықлардан ҳәмме теңдей пайдаланып атырғанын мақтаныш пенен атап өтти. Соның менен бирге, усындай қайырқомлық илажын шөлкемлестирип атырған мәмлекетимиз Басшысына өзлериниң миннетдаршылықларын билдирип, елимиз ушын дуўалар оқыды.

Адилбай Оразов,

                                               Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы