Өзбекстанның Израильдеги елшиханасы және ескертиў менен шықты
15

Елшихананың мағлыўматына бола, Израиль-Египет шегарасындағы “Бегин” (“Таба”) шегара пункти 24 саат даўамында ислемекте. Әмелдеги ҳүжжетлерге ийе болған Өзбекстан пуқаралары ушын Синай ярым атаўына кириўде виза талап етилмейди.
Шегара жыйымларын артықша кешигиўлерсиз әмелге асырыў мақсетинде төлемди алдыннан онлайн төлеў усыныс етилген. Қалған қурғақлықтағы шегара өтиў пунктлеринен пайдаланыў болса қәўипсизлик көзқарасынан усыныс етилмейтуғыны билдирилген.
Соның менен бирге, Израиль-Египет шегараларындағы өтиў пунктлериниң жумыс режиминде өзгерислер болыўы мүмкин екенлиги себепли сапарды режелестириўден алдын әҳмийетли мағлыўматларды анықлаў усыныс етилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги