Әзербайжан өз шегарасында гуманитарлық коридор ашты

23

Ирандағы келиспеўшилик фонында “Астара” шегара өтиў пункти адамлар менен толды. Гәп сонда, Иран-Әзербайжан шегара ноқатында әзербайжанлы әскерлер Иранды тәрк етип атырғанларды суў, ыссы чай, қурма ҳәм жеңил аўқатлар менен күтип алмақта.

Шегара қадағалаўынан өткенлер кейин ала өз жасаў мәмлекетине жол алыў имканиятына ийе болады.

Мағлыўматларға қарағанда, шегарадан өтип атырғанлардың көпшилиги ўатанға қайтқан әзербайжанлылар. Соның менен бирге, 50 сырт ел пуқарасы да эвакуацияланған. Олардың арасында 18 саудиялы, 10 қатарлы дипломат, 6 БАӘ ўәкили, 1 италиялы, 4 иорданиялы, Тәжикстаннан 5 адамнан ибарат шаңарақ, 3 бангладешли ҳәм 18 қытайлы бар. Польша, Ҳиндстан, Пакистан, Непаль, Бразилия, Тунис ҳәм Франция пуқаралары да усы жолдан пайдаланған.

Иранды тасып кетиў ушын “эвакуация коды” талап етиледи, бирақ ҳәмме де бул тәртиптен хабардар емес, соның ушын айырымлар шегараға келип, ҳүжжетлестириўде машқалаға дус келмекте.

Әзербайжан Сыртқы ислер министрлиги өз пуқараларына Тегеранға бармаўды усыныс етти ҳәм ол жерде жасап атырғанларды шығып кетиўге шақырды. Жергиликли ҒХҚ автобуслар ажыратылғаны ҳәм айрықша хызметлер таярлықта турғанын хабар бермекте. Ҳәзирше жәбирленгенлер ҳаққында мағлыўмат жоқ. Ағым қашан тоқтаўы болса Ирандағы жағдайдың раўажланыўына байланыслы.

Мусулмон Зиё,

ӨзА