Сырдәрья ҳәм Қарақалпақстанның дослық қатнасықлары

Қанлыкөл районында 2022-жылдан берли пуқараларды қоллап-қуўатлаў, мәҳәллелердиң инфраструктурасын раўажландырыў бойынша Сырдәрья ўәлаяты менен биргеликте бир қатар ийгиликли жумыслар әмелге асырылды.
Сырдәрья ўәлаятының ҳәкими Эркинжон Турдимовтың басшылығында бир топар ўәлаят белсендилери Қанлыкөл районында мийман болды.
Мийманларды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, район ҳәкими Б.Султанов ҳәм басқалар күтип алды. Мийманлар район аймағында қурылыс, аўыл хожалығы ҳәм басқа да бағдарларда исленген жумыслар менен танысты.
Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов Сырдәрья ўәлаятының ҳәкими Э.Турдимовтың басшылығында Қанлыкөл районы ҳәкимлигинде районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўға қаратылған ири жойбарлар додаланды.
Илажда район ҳәкими Б.Султанов районда қурылыс ҳәм архитектура, аўыл хожалығы, исбилерменликти раўажландырыў арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыў имканияты, буның ушын қолайлы исбилерменлик орталығын жаратыў бойынша жаңа жойбарларын усынды.
Сырдәрья ўәлаяты менен биргеликте аўыл хожалығын раўажландырыў, өндиристи арттырыў бойынша бир қатар келисимлер еки тәреплеме мақулланды.
Бул жумысларды тез ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша илажлар белгиленди.
Соң мийманлар райондағы аўыл хожалығы техникаларына комплексли хызмет көрсетиўши Техника-сервис орайының жумысы менен танысты. «AGROHAMKOR CLUSTER» ЖШЖның фермерлерге техникалық хызмет көрсетиўи үйренилип, алдағы режелери менен танысты. Аўыл хожалығы бағдарында район көп имканиятларға ийе екенлиги атап өтилип, бирге ислесиў механизмлерин жаратыў илажлары белгиленди.
Рамазан – меҳир-мүриўбет, аўызбиршилик ҳәм шүкиршилик айы.
Сырдәрья ўәлаяты ҳәм Қанлыкөл районы ҳәкимлиги биргеликте район халқы ушын Ифтарлық шөлкемлестирди.
Илажда Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, Сырдәрья ўәлаятының ҳәкими Э.Турдимов, район ҳәкими Б.Султанов ҳәм басқалар жыйналғанларды Рамазан айы менен қызғын қутлықлап, өткерилип атырған илаждың әҳмийетине тоқтап өтти.

Бул илаж тек ғана экономикалық бирге ислесиў емес, ал шын жүректен туўысқанлық ҳәм мийрим-шәпәәт рәмзи екенин және бир мәрте көрсетти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги