Умра сапарлары ўақтынша кешиктирилетуғыны мәлим етилди

Жақын Шығыс регионында жүзеге келген жағдайдың кескинлесиўи ҳәм ҳаўа кеңислигинен пайдаланыў бойынша енгизилген ўақтынша шеклеўлер себепли бир қатар авиақатнаўлар бийкар етилмекте.
Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги пуқараларға усы аймақтағы мәмлекетлерге сапар шөлкемлестирмеўди, ҳәзирги ўақытта сол жерлерде болып турған ўатанласларға болса абайлылық илажларын күшейтиўди усыныс еткен.
Бул жағдайды инабатқа алған ҳалда, пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мусылманлары басқармасы ҳәм туроператорлар тәрепинен шөлкемлестирилип атырған умра сапарлары ўақтынша кешиктирилгени мәлим етилди.
Соның ишинде, 2026-жыл 2-март күни режелестирилген Ташкент-Жидда жөнелисиндеги гезектеги умра зыяратшыларының рейси де белгили бир мүддетке қалдырылған. Авиақатнаўлардың қайта тиклениўи ҳаққында рәсмий дәреклер арқалы қосымша мәлимлеме берилетуғыны билдирилген. Ўатанласларымыздан бул жағдайды дурыс қабыл етиўи ҳәм рәсмий мағлыўматларға сүйенип жумыс алып барыўы соралады.
ӨзА