Инспекция баслығы көшпели қабыллаў өткерди

33

Қоңырат районы ҳәкимлигинде “Сувхўжаликназорат” инспекциясының баслығы Рустам Рахимов тәрепинен гезектеги көшпели қабыллаў болып өтти.

Илажда район ҳәкими Б.Мадаминов, суў хожалығы шөлкеминиң басшы ҳәм жумысшы хызметкерлери, исбилерменлер, сондай-ақ, фермер хожалықларының ўәкиллери қатнасты.

Дәслеп суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, ирригация инфраструктурасын модернизациялаў ҳәм тараўда әмелге асырылып атырған реформалар, Президент қарарлары менен пәрманларының мазмун-мәниси ҳаққында түсиниклер берилди. Оларда белгиленген ўазыйпаларды орынларда толық ҳәм сапалы орынлаў, суўдан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм ресурсларды үнемлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Көшпели қабыллаў даўамында аймақтағы фермер хожалықларының басшылары, исбилерменлер ҳәм суў хожалығы системасында жумыс алып барып атырған жумысшы-хызметкерлер тәрепинен түрли социаллық-экономикалық мәселелер бойынша мүрәжатлар билдирилди.

Инспекция баслығы Р.Раҳимов ҳәр бир мүрәжатты орнында ҳәр тәреплеме үйренип, зәрүр түсиниклер берди. Нәтийжеде 11 фермердиң мүрәжаты унамлы шешилди, 7 мүрәжат етиўшиниң мүрәжаты қадағалаўға алынды.

Көшпели қабыллаў даўамында, тийкарынан, егислик майданларын суўғарыўдағы машқалалар, фермер хожалықларының ишки насосларында электр энергиясының қәрежетлери, ажыратылған лимитлерден нәтийжели пайдаланыў, тамшылатып суўғарыў системасында ушырасып атырған техникалық насазлықлар, сондай-ақ, жер асты изей суўларын азайтыў бойынша әмелий илажлар додаланды.

Бул мүрәжатларды шешиў бойынша жуўапкер басшыларға анық тапсырмалар берилди, ал 5 мүрәжат бойынша қосымша үйрениўлер өткериў белгиленди.

Сондай-ақ, инспекция баслығы тәрепинен тийисли шөлкемлердиң басшыларына нызамшылықта белгиленген тәртипте мүрәжатлардың орынланыўын қатаң қадағалаўға алыў, оларды үйренип шығыў ҳәм нәтийжелери бойынша фермер хожалықларының басшыларына жазба жуўап хатларын бериў бойынша көрсетпелер берилди.

Мүрәжатлар бойынша жуўапкерлерге анық ўазыйпалар жүкленип, олардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша қатаң қадағалаў орнатылатуғыны атап өтилди. Айырым мәселелерди орнында шешиў бойынша оператив қарарлар қабыл етилди, қосымша үйрениў талап етилетуғын мүрәжатлар болса белгиленген тәртипте орынлаўға қаратылды.

Көшпели қабыллаўдың тийкарғы мақсети – пуқаралар ҳәм фермер хожалықлары дус келип атырған машқалаларды орнында шешиў, системадағы ашық-айдынлықты тәмийинлеў, суў хожалығындағы әҳмиетли мәселелерге әмелий шешим табыўдан ибарат болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги