Тәбийғый газ баҳасы қымбатлады ма?

41

Социаллық тармақларда усы жылдың 1-март сәнесинен тәбийғый газ баҳасы артқаны ҳаққында хабарлар кең тарқалды. Бул жағдай бойынша Энергетика министрлиги мүнәсибет билдирди.

Атап өтилиўинше, социаллық тармақларда тарқалған усындай мазмундағы хабарлар ҳақыйқатқа туўра келмейди. Усы жылдың 1-март күнинен тәбийғый газ баҳасы көтерилмеген, төлемлер ески тарифте әмелге асырылмақта.

Бизге белгили, ысытыў мәўсиминде тәбийғый газден пайдаланыў бойынша базалық норма 5 есеге (100 метр кубтан 500 метр кубқа) арттырылған еди. Усы мүнәсибет пенен, 1-март күнинен баслап қыс мәўсиминде белгиленген социаллық норма өзгерген.

Атап айтқанда, ноябрь-февраль айларында ҳәр ай ушын 500 куб метрге шекем, март-октябрь айларында болса ҳәр ай ушын 100 куб метрге шекем “базалық норма” белгиленген. Бул тәртип Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында октябрь-февраль айларында әмел етиўи белгиленген.

“Сол себепли, бүгин, 1-марттан 31-октябрьге шекем ҳәр ай ушын 100 куб метрге шекем “базалық норма” әмел етеди”, – делинеди министрликтиң мүнәсибетинде.

Мағлыўмат ушын, Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарына тийкарланып мүтәж шаңарақларға жумсалған электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ ушын мәмлекет тәрепинен ҳәр айда компенсация бериледи.

Соның ишинде, компенсация муғдары:

  • Электр энергиясы ушын – айына базалық нормадан (200 кВт•сааттан кейинги) 150 кВт•саатқа шекем;
  • Тәбийғый газ ушын – қыс айларында 250 куб метрге шекем, басқа айларда 150 куб метрге шекемги базалық нормадан артық пайдаланылған бөлеги ушын компенсация бериледи.

“Алдын компенсациялар тек қыс айларында әмел еткен болса, енди жыл даўамында ҳәр айда берилмекте”, – делинеди хабарда.

Қарақалпақстан хабар агентлиги