Таў-кән санаатында жасалма интеллект ҳәм санлы шешимлер қандай нәтийже бермекте?

3

Таў-кән санаатында өндирис нәтийжелилигин арттырыў, заманагөй санлы технологияларды енгизиў ҳәм жасалма интеллект имканиятларынан кеңнен пайдаланыў бүгинги күнде әҳмийетли ўазыйпалардан бирине айланбақта.

Соған бола, тараў кәрханаларында инновациялық шешимлерди енгизиў, алдынғы халықаралық тәжирийбени үйрениў ҳәм қәнигелердиң потенциалын арттырыўға қаратылған әмелий илажлар шөлкемлестирилмекте.

Таў-кән санааты ҳәм геология министрлиги тәрепинен “McKinsey & Company” халықаралық консалтинг компаниясы менен биргеликте шөлкемлестирилген гезектеги илажда бул бағдарда алып барылып атырған жумыслар талланды.

Онда Таў-кән санааты ҳәм геология министриниң биринши орынбасары Феруза Ҳамидова тараўды санластырыў процесслери избе-из даўам етип атырғанын, жасалма интеллекттен пайдаланыў тийкарында өндиристеги айырым машқалаларға нәтийжели шешимлер табылып атырғанын ҳәм мәлимлеме технологиялары таў-кән санаатының раўажланыўына сезилерли үлес қосып атырғанын атап өтти.

Семинар-тренинг шеңберинде қатнасыўшыларға санлы платформалардан пайдаланыў, мағлыўматларды таллаў, өндирис процесслерин оптималластырыў ҳәм жасалма интеллект шешимлерин әмелиятқа енгизиў бойынша презентациялар өткерилди.

Сондай-ақ, илаж өз-ара тәжирийбе алмасыў, қәнигелер арасында пикирлесиўди күшейтиў ҳәм келешектеги бирге ислесиў бағдарларын белгилеў ушын әҳмий етли майдан ўазыйпасын атқарды.

Илаж жуўмағында гезектеги тийкарғы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА