Өзбекстан ҳәм Парагвай саўда байланысларын раўажландырады

Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов Парагвай Республикасына хызмет сапарын әмелге асырды. Сапар шеңберинде Асунсьон қаласында саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди жеделлестириўге қаратылған бир қатар ушырасыўлар болып өтти.
Соның ишинде, санаат ҳәм саўда, шарўашылық, геология министрлери және Миллий электр энергиясы ҳәкимшилиги – ANDE басшысы менен сөйлесиўлер алып барылды.
Тәреплер өз-ара базарларға кириў имканиятын басқышпа-басқыш кеңейтиў, саўда көлемин арттырыў, агросанаат, энергетика, кәншилик, химия ҳәм тоқымашылық тараўларында кооперацияны раўажландырыў, сондай-ақ, избе-из бирге ислесиў ушын беккем институционаллық тийкар жаратыў мәселелерин додалады.
Саўда айланысын жеделлестириў, гөш өнимлериниң турақлы жеткерип берилиўин жолға қойыў, Өзбекстан төгинлери ҳәм тоқымашылық өнимлериниң экспортын кеңейтиў зәрүрлиги мақулланды. “Maquila” тәртиби тийкарында “Mercosur” базарына шығыў ушын биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды. Ҳүкиметлераралық комиссия дүзиў ҳәм 2026-2027-жылларға мөлшерленген санаат кооперациясы бағдарламасын ислеп шығыў зәрүр екенлиги де айтылды.
Сондай-ақ, сапар даўамында Парагвайдың жетекши компанияларының басшылары қатнасыўында дөгерек сәўбети шөлкемлестирилип, әмелий нәтийже беретуғын инвестициялық жойбарлар ҳәм ерисилген келисимлерди жедел әмелге асырыўға қаратыўға келисип алынды.
Гўзал Сатторова, ӨзА