Студент-жаслар ушын китап көргизбеси шөлкемлестирилди

«Китап – билим булағы» деп халқымыз бийкарға айтпаған. Биз санлы технологиялардан қанша пайдалансақ та, китап сыяқлы билимге ийе бола алмаймыз. Себеби, автордың мийнети сиңген ҳәм бийбаҳа билим кәнине ийе болған китаптың орнын ҳеш бир қолланба баса алмаса керек.
Мәмлекетимизде китап оқыўды ҳәм китап басып шығарыўды жетилистириў бағдарында бир қанша илажлар алып барылмақта. Бул илажлардың нәтийжеси китап оқыў бойынша өткерилип атырған таңлаўларда өз нәтийжесин көрсетпекте. Сондай-ақ, орынларда өткерилип атырған китап көргизбелери де әҳмийетли орын тутады.
Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетинде университеттиң Мәлимлеме-ресурс орайы менен биргеликте студент-жаслар ушын китап көргизбеси шөлкемлестирилди. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң шығармалары менен бир қатарда жәҳән әдебияты, өзбек ҳәм қарақалпақ әдебиятына байланыслы сайланды көркем китаплар көргизбеге қойылып, қатнасыўшыларға таныстырылды.
Илаж даўамында факультет студент-жаслары Президентимиздиң басып шығарылған шығармалары менен жақыннан танысып, оларда алға қойылған идеялар, әҳмийетли темалар ҳәм шығармалардың мазмун-мәниси ҳаққында толық мағлыўмат алды. Соның менен бирге, соңғы жылларда басып шығарылған заманагөй көркем әдебиятлар менен танысыў имканиятына ийе болып, китапқумарлық мәдениятын арттырыўға хызмет ететуғын әдебиятлар бойынша пикир алысты.
Бул китап көргизбеси студент-жаслардың китапқумарлық мәдениятын арттырыў, олардың руўхый дүньяқарасын байытыў ҳәм көркем әдебиятқа болған қызығыўшылығын және де күшейтиўге хызмет етти.



Сардор Юлдошев, Бердақ атындағы ҚМУ қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети студенти