Медиация ҳаққындағы нызамшылық
Медиация – пайда болған келиспеўшиликти тәреплердиң өз-ара ықтыярлы келисим тийкарында үшинши шахс жәрдеминде шешиў усылы болып есапланады.
Нызамның мақсети де Өзбекстанда келиспеўшиликлерди тәртипке салыўдың альтернатив усылларын раўажландырыў ушын ҳуқықый шараятлар жаратыўдан, Өзбекстан Республикасының суд системасына түсетуғын жумыс көлемин азайтыўдан ибарат.
Усы Нызамның ҳәрекет етиўи:
- пуқаралық ҳуқықый қатнасықлардан, соның ишинде, исбилерменлик хызметин әмелге асырыў мүнәсибети менен келип шығатуғын келиспеўшиликлерге;
- жеке мийнет даўларына;
- шаңарақлық ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын келиспеўшиликлерге медиацяны қолланыў менен байланыслы қатнасықларға, егер нызамда басқаша қағыйда нәзерде тутылмаған болса қолланылады.
Усы Нызамның әмел етиўи медиацияда қатнаспай атырған үшинши шахслардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерине, жәмийетлик мәплерге тәсир ететуғын ямаса тәсир етиўи мүмкин болған даўларға қолланылмайтуғынын атап өтиў керек.
Нызам 4 бап ҳәм 34 статьядан ибарат.
Нызамда медиация, медиатор, медиативлик келисим, медиация тәртибин әмелге асырыў ҳаққындағы келисим, медиацияны қолланыў ҳаққындағы келисим сыяқлы тийкарғы түсиниклер ашып берилген.
Нызамға муўапық, медиация жасырынлық, ықтыярлылық, тәреплердиң бирге ислесиўи ҳәм тең ҳуқықлылығы, медиатордың ғәрезсизлиги ҳәм қалыслығы принциплери тийкарында әмелге асырылыўы нәзерде тутылған.
Нызамда белгиленгениндей, физикалық тәреплер де, юридикалық тәреплер де медиация тәреплери болыўы мүмкин. Тәреплер медиацияда жеке өзи ямаса өз ўәкили арқалы нызам ҳүжжетлерине муўапық қатнасады.
Медиатордың жумысы профессионал ямаса профессионал емес тийкарда әмелге асырылыўы мүмкин.
Профессионал тийкардағы медиатор жумысын Әдиллик министрлиги тәрепинен тастыйықланатуғын медиаторларды таярлаў бағдарламасы бойынша арнаўлы оқыў курсынан өткен, сондай-ақ, Профессионал медиаторлар реестрине киргизилген шахс әмелге асырыўы мүмкин.
Профессионал емес тийкардағы медиатор жумысын жигирма бес жасқа толған ҳәм медиатор ўазыйпаларын орынлаўға келисим берген шахс әмелге асырыўы мүмкин.
Нызамға бола, төмендегилердиң медиатор болыўы қадаған етилмекте:
- мәмлекетлик ўазыйпаларды орынлаў ушын ўәкиллик берилген яки оған теңлестирилген шахс;
- өзине қарата судтың оны қарым-қатнас уқыбы шекленген ямаса қарым-қатнас уқыбы жоқ деп табыў ҳаққындағы нызамлы күшке кирген шешиўши қарары бар болған шахс;
- судланғанлық жағдайы тамамланбаған яки судланғанлығы алып тасланбаған шахс;
- өзине қарата жынайый қуўдалаў әмелге асырылып атырған шахс.
Медиация тәреплердиң қәлеўи тийкарында қолланылады. Медиация судқа шекемги тәртипте, нызамды суд тәртибинде көриў процесинде суд ҳүжжетин қабыл етиў ушын суд өз алдына бөлмеге (мәсләҳәт бөлмесине) киргенге шекем қолланылыўы мүмкин.
Профессионал тийкардағы медиатордың жумысы ҳақы төлеў тийкарында ямаса бийпул әмелге асырылыўы мүмкин.
Профессионал емес тийкардағы медиатордың жумысы бийпул әмелге асырылады.
Медиативлик тәртип-қағыйданы әмелге асырыў нәтийжелери бойынша тәреплер келип шыққан келиспеўшилик бойынша өз-ара мақул қарарға ерискен жағдайда, тәреплер арасында жазба түрде медиативлик келисим дүзиледи.
Медиативлик келисим оны дүзген тәреплер ушын мәжбүрий күшке ийе болып, бул келисим онда нәзерде тутылған тәртипте ҳәм мүддетлерде тәреплер тәрепинен ықтыярлы түрде орынланады.
Медиативлик келисим орынланбаған жағдайда, тәреплер өз ҳуқықларын қорғаў ушын судқа мүрәжат етиўге ҳақылы.
Медиативлик келисимди орынламаўдың ақыбетлери тәреплер тәрепинен усы келисимниң өзинде белгилеп қойылыўы мүмкин.
Нызамшылыққа жаңадан киргизилип атырған медиация институты бүгин АҚШ, Германия, Уллы Британия, Австрия, Япония, Қытай, Гонконг, Корея, Ҳиндстан сыяқлы дүньяның көпшилик мәмлекетлеринде шөлкемлестирилген ҳәм табыслы жумыс алып барып атырғанын атап өтиў керек.
Атап айтқанда, АҚШта бүгинги күнде усы мәмлекеттиң ҳәр қыйлы штатларында бурын бар болған ҳәм дәлдалшылық жумысын тәртипке салған 2 500 ден аслам нызамды бирлестирген Медиация ҳаққындағы бирден-бир нызам әмел етпекте. АҚШ тәжирийбеси соның менен қызық, бул мәмлекеттиң ҳуқық системасы көпшилик келиспеўшиликлерди тәреплер судқа шекем ықтыярлы түрде шешиўин тәмийинлеўге қаратылған. Буннан тысқары, суд тәртип-қағыйдалары басланған болса да, судья процессти тоқтатыўы ҳәм тәреплерге даўды медиатор жәрдеминде шешиўди усыныс етиўи мүмкин. Бул мәмлекетте экономика, сиясат, бизнес тараўындағы ҳеш бир әҳмийетли сөйлесиў процеси медиаторларсыз өтпейди. АҚШта Тартысларды шешиўдиң миллий институты шөлкемлестирилген болып, ол медиацияның жаңа усылларын ислеп шығыў менен шуғылланады. Медиацияның жеке меншик ҳәм мәмлекетлик хызметлери жумыс алып барады, медиация машқалаларын сәўлелендирип беретуғын журналлар (“Медиация бойынша ҳәр шеректе шығарылатуғын журнал”) басып шығарылады.
Уллы Британияда бийтәреп дәлдәлшылар қатнасыўында жарастырыў тәртиби оғада кең тарқалған. Бул мәмлекетте арнаўлы телефон хызмети де бар болып, оған мәмлекеттиң қәлеген аймағынан қоңыраў етиў, даўды тәрийиплеў, сондай-ақ, медиаторлыққа өзине мақул талабанларды алып келиў, талапларға сәйкес келетуғын қәнигелер дизими бойынша усыныслар алыў мүмкин.
Онда суд қорғаўына мүрәжат етилген жағдайда, егер тәреп суд даўы шеңберинде суд тәрепинен усыныс етилген медиация тәртибинен пайдаланыўдан бас тартқан болса, оған даўды көрип шығыў нәтийжелерине қарамастан барлық суд қәрежетлери жүкленеди.
Германияда медиация институты әдил судлаў системасы менен үнлес ҳалға келтирилген. Мәселен, дәлдалшы медиаторлар тиккелей судларда жумыс алып барады ҳәм потенциал судласыўлар санын бираз азайтады. Онда медиация тек ғана шаңарақ ислери бойынша судларға емес, ал, улыўма юрисдикция судларына, ҳәкимшилик судларға ҳәм басқа да судларға интеграцияланған. Германияның көпшилик ҳуқық мектеплеринде турақлы медиация курсы енгизилген: ҳуқық факультетин питкерген ҳәр ким медиация курсынан өтеди.
Дүньяның аз санлы мәмлекетлеринде болғаны сыяқлы, Австрияда медиатор кәсиби кәсиплер номенклатурасына киргизилген, медиаторларды таярлаўды тәртипке салатуғын ҳәм таярлаўдың белгили нормативлерин белгилейтуғын медиация ҳаққында федерал нызам әмел етеди. Австрия нызамшылығында нәзерде тутылыўынша, суд процесинде дүзилген медиатив келисим суд тәрепинен тән алынады, соның менен бирге судқа шекемги медиация нәтийжеси суд тәрепинен қорғалмаўы керек.
Гулмира АРЗИЕВА,
Нөкис районлар аралық
экономикалық судының судьясы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги