Әдебий сын кеңесиниң өткен жылғы жумысы көрип шығылды

Өзбекстан Жазыўшылар аўқамында Әдебий сын кеңесиниң 2025-жылғы жумысының жуўмақларына бағышланған есап бериў мәжилиси болып өтти.
Әдебий сын кеңеси – әдебий процесс раўажланыўында айрықша орын тутады. Себеби, әдебий сын көркем дөретиўшиликтиң барлық түрлери – лирикалық, эпикалық ҳәм драмалық шығармаларды изертлейди, жетискенлик ҳәм кемшиликлери бойынша аналитикалық көзқарасларды билдиреди.
2025-жыл әдебий сын ушын нәтийжели болды. Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы Әдебий сын кеңесиниң ағзалары реже тийкарында тараўдың раўажланыўының тийкарғы мәселелери, әдебий сын алдында турған әҳмийетли машқалаларға бағышланған мәжилислер өткерди.
Кеңес ағзалары Жазыўшылар аўқамына келген онлаған шығармалардың қолжазбаларына пикирлер жазды. Ўәлаятларда өткерилген әдебият күнлеринде қатнасты. Республика жас дөретиўшилериниң Зомин семинарында коллегия ағзасы сыпатында қатнасып, әдебий сын тараўына кирип киятырған талант ийелериниң жумысына баҳа берип, оларға шеберлик сабақлары өтилди. Дөретиўшилик мектеплериниң оқыўшыларына көркем дөретиўшилик сырларынан сабақлар берди.
Есап бериў жылында заманагөй әдебий процессти таллаўға байланыслы 10 нан аслам китаплар, 200 ден аслам мақалалар басып шығарылған. Заманагөй әдебий процессти таллаўда Қазақбай Юлдашев, Суўан Мели, Дилмурат Қуранов, Абдулла Улуғов, Нурбай Жаббаров, Баҳадыр Карим, Узақ Жўрақулов сыяқлы илимпазларымыз жетекшилик етти.
Республикамыздағы әдебий айна есапланған “Жәҳән әдебияты”, “Шарқ юлдузи”, “Ёшлик”, “Ўзбек тили ва адабиёти” журналларында ҳәм “Жадид” газетасында басып шығарылған ҳәр қыйлы жанрлардағы (илимий мақала, обзор-мақала, сәўбет-мақала, әдебий портрет характериндеги мақала) илимий излениўлер көркем ой-пикир кеңликлерине терең нәзер таслап атырған әдебият илими пидайыларының көз нурын, интеллектуаллық потенциалын көрсеткен.
Республикамызда 2025-жыл даўамында классикалық текстлерди изертлеўге бағышланған 20 ға шамалас монография ҳәм брошюралар, 100 ге шамалас мақалалар басып шығарылды. Олардың арасында монографиялық планда дөретилген изертлеўлер айрықша орынға ийе.
2025-жылғы дәўирлик басылымларда тек ғана наўайытаныўшылық мәселелери бойынша 50 ге шамалас аналитикалық мақала жәрияланды. “Жәҳән әдебияты”, “Шарқ юлдузи”, “Ёшлик”, “Ўзбек тили ва адабиёти” журналларында 60 тан аслам мақала басып шығарылған.
Баянатшылар әдебий процессти таллаўға бағышланған китаплар ҳәм мақалалар бойынша аналитикалық-критикалық пикирлер билдирди. Сөйлесиўге шыққан әдебияттаныўшы илимпазлар ҳәм дөретиўшилер Әдебий сын кеңесиниң жыл жуўмақларына бағышланған мәжилиси жоқары дәрежеде өткенин атап өтти. Келешектеги режелер белгилеп алынды.
Н.Усмонова, ӨзАның хабаршысы