Жасыл энергетика: Глобаллық геосиясатты қайта қәлиплестирип атырған күш

Бүгинги халықаралық системада энергия факторы мәмлекетлердиң сиясий ғәрезсизлигин, экономикалық турақлылығын ҳәм сыртқы имканиятын белгилейтуғын тийкарғы қураллардан бирине айланды. Климат өзгериўи, ресурслар ушын бәсеки ҳәм геосиясий келиспеўшиликлер күшейген шараятта қайта тиклениўши энергия дереклерине өтиў процеси тек ғана экологиялық зәрүрлик емес, ал стратегиялық талап сыпатында көринбекте. Әсиресе, Европа мәканында энергия сиясаты геосиясий есап-китап орайына шықты.
Энергетика қәўипсизлиги ҳәм сиясий еркинлик

Эксперт Равшан Ғозийевтиң таллаўына бола, бүгинги глобаллық энергетика майданында беккем орын ийелеп атырған бағдарлардан бири – жасыл энергетика, яғный қайта тикленетуғын дереклерден пайдаланыў. Самал, қуяш ҳәм биология энергиясы сыяқлы ресурсларға өтиў XXI әсирдиң әҳмийетли тенденциясына айланды. Бул процесс экологиялық турақлылықты тәмийинлеў менен бирге, халықаралық қатнасықлар системасына да сезилерли тәсир көрсетпекте.
Европа Аўқамы бул бағдарда жетекшиликке умтылмақта. Енди дәстүрий энергия дереклери, атап айтқанда, нефть ҳәм газ импортына оғада ғәрезлилик көплеген мәмлекетлер ушын геосиясий қәўип туўдыра баслады. Жақын-жақынға шекем ески континент мәмлекетлериниң көпшилиги Россия газине сүйенип келгени энергия мәселесин сиясий басым қуралына айландырған еди.
2022-жыл Европа Комиссиясы тәрепинен жәрияланған “REPowerEU” бағдарламасы мине усы ғәрезлиликти азайтыўға қаратылған. Бул стратегия энергия дереклерин диверсификациялаў, қайта тикленетуғын ресурслардың үлесин арттырыў ҳәм ишки өндиристи кеңейтиўди нәзерде тутады. Нәтийжеде энергия қәўипсизлиги тәмийинленеди, сыртқы сиясатта еркин позиция қәлиплеседи.
Климат сиясаты ҳәм геосиясий тәсир

Жасыл энергетика глобаллық климат дипломатиясының ажыралмас бөлеги болып есапланады. ЕА “Green Deal” ҳәм “FIT For-55” стратегиялары арқалы 2030-жылға шекем пуў-газ шығындысын 55 процентке азайтыўды мақсет еткен. Бул баслама экологиялық мақсет пенен шекленип қалмай, ал геосиясий тәсир шеңберин кеңейтиўге де хызмет етеди.
Климат сиясатында жетекшилик етиў арқалы Европа басқа да ири экономикаларды жасыл трансформацияға ийтермелемекте. Карбон саўдасы механизми, технология трансфери ҳәм экология стандарты халықаралық саўда ҳәм дипломатияның жаңа қуралларына айланбақта. Энергетика ҳәм экология мәселеси ҳәзир тек ғана ишки сиясат емес, ал глобаллық сөйлесиўдиң әҳмийетли бағдары болып есапланады.
Технология бәсекиси ҳәм стратегия үстинлиги

Қуяш панели, самал турбинасы ҳәм энергияны сақлаў системасы биргеликте бүгин глобаллық бәсеки орайын қурамақта. Европа технология жетекшилиги арқалы тек экономикалық пайда алып ғана қалмай, ал стратегиялық тәсир шеңберин де кеңейтпекте. Мәселен, Германия ҳәм Дания самал энергетикасы технологиясы экспорты арқалы “технология дипломатиясы” усылын қәлиплестирди. Бул энергия сиясатын мәпке муўапық бағдарлаў имканиятын береди.
Соған қарамастан, жасыл трансформация жаңа геосиясий байланыслылықты да жүзеге келтирмекте. Электр транспорт қураллары ҳәм энергия сақлаў системасы ушын зәрүр литий, кобальт сыяқлы әҳмийетли минераллардың тийкарғы резерви Африка ҳәм Азияда жайласқан. Сол себепли, Европа бул регионлар менен бирге ислесиўди тереңлестириўге мәжбүр. Демек, энергетика ғәрезсизлиги бир тәрептен күшейсе, екинши тәрептен шийки зат шынжырында жаңа стратегиялық ҳалқалар қәлиплеспекте.
Экономикалық турақлылық ҳәм финанслық қураллар

Жасыл энергетикаға бағдарланып атырған инвестиция Европада экономикалық өсиўдиң әҳмийетли драйверине айланбақта. Келеси жыллар ушын режелестирилген триллион евроға тең инвестиция ишки санаатты жетилистириў арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыўға хызмет етеди. Сондай-ақ, “жасыл облигациялар” ҳәм экологиялық кредит арқалы халықаралық финанс майданында да тәсир күшеймекте. Финанслық қураллар жәрдеминде басқа мәмлекетлер жасыл трансформацияға тартылмақта. Нәтийжеде энергетика дипломатиясы тек ғана нефть ҳәм газ әтирапында емес, ал технология, инвестиция ҳәм углерод стандарты тийкарында қәлиплеспекте.
Дәстүрий ресурслар ҳәм реал теңсалмақлық

Бәрибир, ҳәзирше жасыл энергетика дәстүрий дереклерди әмелияттан толық қысып шығара алмайды. Яғный, нефть ҳәм газ қысқа ҳәм орта мүддетте глобаллық энергетика системасының әҳмийетли бөлеги болып қалады. Демек, дүнья энергетикасы ҳәзирше аралас, яғный дәстүрий ҳәм қайта тиклениўши дереклер үйлесиминде раўажланбақта. Жасыл энергетика Европа ушын тек ғана экологиялық баслама емес, ал кең көлемли геосиясий стратегия. Энергетика қәўипсизлигин беккемлеў, климат дипломатиясында жетекшилик етиў, технологиялық үстинликти қолға киргизиў ҳәм экономикалық турақлылықты тәмийинлеў арқалы Европа глобаллық майдандағы позициясын беккемлеўге умтылмақта.
Усы тәризде, қайта тиклениўши энергия дереклери әпиўайы экономикалық сектор емес, ал заманагөй халықаралық қатнасықлардың әҳмийетли қуралына айланбақта. Жасыл энергетика бүгин экологиялық зәрүрлик болса, ертең стратегиялық үстинлик факторына айланатуғыны сөзсиз.
Мусулмон Зиё, ӨзА