Оқыў орайлары ассоциациясы шөлкемлестириледи

Мәмлекетимиз басшысы кеше Жарқорғанда жасларды шет тили ҳәм IТ курсларына оқытып атырған жеке меншик оқыў орайының жумысы менен танысты.
Бир ғана мине усы оқыў орайы 8 мыңнан аслам жасларды оқытқан. Мәмлекетимиз халқының 60 процентин жаслар қурайтуғынын есапқа алсақ, бундай оқыў мәкемелерин және де көбейтиў керек екенлиги атап өтилди.
Бундай орайларды көбейтиў ушын орны, кредитине жәрдемлесиў, олардың мәпин қорғаў, заманагөй стандартларды енгизиў зәрүр.
Усы мақсетте Оқыў орайлары ассоциациясы шөлкемлестириледи. Быйыл ассоциацияға 100 миллион доллар қаржы тартылады. Бул қаржылар оқыў орайын шөлкемлестирмекши болған исбилерменлерге арзан кредит, субсидия, орын ижарасының компенсациясы ушын қаратылады.
Мәжилисте ўәлаят белсендилери, жаслар ҳәм нураныйлар менен сөйлести, ҳәкимлер ҳәм жуўапкерлердиң есабатлары тыңланды.
ӨзА