Термиз халықаралық саўда орайы үлкен нәтийжелер бермекте

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Сурхандәрья ўәлаятын комплексли раўажландырыў бойынша мәжилис даўам етпекте.
Термиз халықаралық саўда орайы үлкен нәтийжелер бермекте. Өткен жылы орайға 800 мыңнан аслам Аўғанстан пуқаралары келди, экспорт 320 миллион доллар болды.
Исбилерменлер ҳәм инвесторлардың жумысын кеңейтип, Термиз халықаралық саўда орайында ири өндирис қуўатлықларын жаратыў бойынша усыныс пенен шыққан.
Сол себепли, орайдың аймағы 1 мың гектарға жеткерилиўи белгиленди. Жуўапкерлерге соның есабынан орайдағы экспорт көлемин усы жылы 600 миллион, келеси жылы 1 миллиард долларға жеткериў, қосымша 10 мың жумыс орнын жаратыў тапсырылды.
Жаңа жойбарлар есабынан исбилерменлер де, саўда етиў ушын келетуғын адамлар да есесине көбееди. Усы мүнәсибет пенен орайда нызам үстинлигин тәмийинлеў мақсетинде арнаўлы прокуратура ҳәм ишки ислер бөлиминиң жумысы жолға қойылады.
Енди орай аймағындағы товар саўдасы ҳәм хызметлер экспорт сыпатында баҳаланады, оларға да қосымша қун салығы “ноль”лик ставкада қолланылады.
ӨзА