Сурхандәрья ўәлаятының экономикасында санааттың үлеси кейинги 9 жылда 5 есеге өсип, 10 процентке жетти

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Сурхандәрья ўәлаятын комплексли раўажландырыў бойынша мәжилиси даўам етпекте.
Ўәлаят ҳәкими, район ҳәкимлери алдында усы жылы инвестицияларды 3 миллиард долларға, экспортты 1 миллиард долларға жеткериў ўазыйпасы турғаны атап өтилди.
Аймақта кәмбағаллықты 2,8 процентке, жумыссызлықты 4,5 процентке түсириў, Термиз қаласы, Ангор, Денов, Жарқорған, Қизириқ ҳәм Музрабатты “кәмбағаллық ҳәм жумыссызлықтан жырақ аймақ”қа айландырыў әҳмийетли екени атап өтилди.
Ўәлаят экономикасында санааттың үлеси соңғы 9 жылда 5 есеге өсип, 10 процентке жетти. Бирақ бул еле де аз екенлиги атап өтилди.
Ўәлаятта 100 миллион тонна көмир резерви болғаны менен жылына тек ғана 1 проценти қазып алынбақта. Усы жылы Байсындағы “Санжар”, Алтынсайдағы “Ақсуў”, келеси жылы “Фангарт” кәнлеринде көмир қазып алыўды баслаў тапсырылды.
Қубла Африканың “Сосол” компаниясы көмирден полипропилен, полиэтилен ҳәм каучук ислеп шығарыўға қызығыўшылық билдирген. Сариосиядағы “Қорақон”, “Жемсонит”, “Чуқур”, “Байрам-1” кәнлерине де қытайлы инвесторлар 1 миллиард доллар киргизиўге таяр.
Улыўма, бул резервлер – электротехника, қурылыс материаллары, химия, металлургия, автомобиль қурылысы тармақлары ушын таяр шийки зат базасы. Бул кәнлер әтирапында санаат кәрханаларын жайластырыў бойынша есап-санағы шығарылып, кеминде 200 миллион долларлық жойбарларды қәлиплестириў тапсырылды.
Байсындағы “Безактоп” кәнинде сапасы Иран, Түркия, Италия менен бәсекилесе алатуғын тәбийғый тас резервлери үйренилмей тур. Бундай таслар резерви болған кәнлерде геология жумысларын баслаўға көрсетпе берилди.
ӨзА