Коррупцияға қарсы гүресте 2026-жыл – “айрықша жағдай”

Коррупция – бул мәмлекеттиң раўажланыўына тосқынлық ететуғын, әдиллик ҳәм нызам үстинлигин изден шығаратуғын, жәмийетте исеним орталығын төменлететуғын ең үлкен қәўип болып есапланады.
Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен 2026-жылы коррупцияға қарсы гүресиўде “айрықша жағдай”дың жәрияланыўы – бул тараўда пүткиллей жаңа, қатаң ҳәм маўасасыз басқыштың басланыўын аңлатады.
Усы мақсетте Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасында бажыхана хызметкерлериниң қатнасыўында, МҚХ Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасының жуўапкер хызметкери менен биргеликте улыўма профилактикалық мәжилис өткерилди.
Илаж даўамында коррупцияның унамсыз ақыбетлери, хызмет етиў даўамында нызамлылық ҳәм тәртипти тәмийинлеў, ҳәр қандай нызамсыз ис-ҳәрекетлерге маўасасыз қатнас, хызметкерлердиң жеке жуўапкершилиги мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.



Мәжилисте атап өтилгениндей, коррупцияға жол қойыў – бул тек ғана нызам бузылыўы емес, ал мәмлекетимиз тәрепинен әмелге асырылып атырған реформаларға қыянет болып есапланады.
Илажда пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги