Кадастр ҳүжжетлерин хатлаў ҳәм санластырыў даўам ептпекте

13

Ҳәзирги ўақытта Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы филиалларындағы архивлерде жәми  490876 кадастр ҳүжжети сақланбақта. Соннан бүгинги күнде 212539 дана архив ҳүжжетине хатлаў жумыслары өткерилип қайта тәртиплестирилген.

Архив ҳүжжетлерин хатлаўдан өткериў нәтийжесинде Мәмлекетлик кадастрлар палатасы тәрепинен тастыйықланған «Методикалық қолланба»ға муўапық ҳүжжетлердиң тәртибин дурыс жүргизиў ҳәм оларды номерлеў, сондай-ақ, санластырыў жумыслары алып барылып, бар болған 490876  дана кадастр ҳүжжетинен 95 проценти санластырылды.

– Бул архив кадастр ҳүжжетлерин жумыс бабында пайдаланыўда аңсат ҳәм тез табылыўын тәмийинлеп, электрон нусқаларының жыллар даўамында сапалы сақланыўына ериспектемиз, – дейди басқарманың баспасөз хызметиниң баслығы П.Әжимуратов.

Мәмлекетлик кадастрлар палатасы тәрепинен архив ҳүжжетлердиң сақланыўына айрықша итибар қаратылып, ҳәр қандай айрықша жағдайлар жүз бергенде ҳүжжетлердиң қәўипсиз, узақ мүддетке сақланыўын тәмийнлеў ҳәм келешек әўладқа сапалы ҳалда жеткерип бериў мақсетинде Мәмлекетлик кадастрлары палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының Нөкис қалалық, Әмиўдәрья, Төрткүл, Беруний, Кегейли ҳәм Елликқала районлық филиалларында мобиль стелажлар орнатылды.

2026-жылғы режеге муўапық, Нөкис районы филиалына заманагөй мобиль стелажлар орнатылып, Мойнақ, Коңырат, Елликқала, Шоманай районларда архив кадастр ҳүжжетлерин номерлеп қайта тәртиплестириў, яғный хатлаў жумысларын жуўмақлаў режелестирилмекте.

Сондай-ақ, ҳүжжетлердиң сапалы ҳәм узақ мүддетке сақланыўын тәмийинлеў мақсетинде Мәмлекетлик кадастрлары палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының өзинде архив ханасы да шөлкемлестирилди ҳәм тийисли тәртипте ишки ҳүжжетлериниң сақланыўы тәмийинленбекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги