Медициналық хызметтиң сапасын және де жақсылаў мәселелери додаланды

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты, ӨзМТДП фракциясының ағзасы Руслан Джумамуратов Кегейли районы көп тармақлы поликлиникасында болып, усы медициналық мәкемеде көрсетилип атырған хызметлердиң сапасы, халық ушын жаратылған қолайлықлардың жағдайын үйренди.
Мәлим етилиўинше, усы поликлиниканың имараты 1986-жылы 49 мыңға шамалас район турғынларының талабынан келип шығып қурылған. Бүгинги күнде район халқының саны 74 мыңға шамаласты.
Ушырасыўда халықтың санының артып барыўы ҳәм медициналық хызметлерге болған талаптың өсиўин есапқа алып, район аймағында заманагөй талапларға жуўап беретуғын жаңа поликлиниканың имаратын қурыў зәрүрлиги атап өтилди. Жаңа имарат арқалы халықты қабыл етиў қуўатлылығын арттырыў, медициналық хызметлердиң қамтып алыўын кеңейтиў, наўқаслар ҳәм медицина хызметкерлери ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў имканияты жаратылады.
Сондай-ақ, медициналық хызметлердиң сапасын арттырыў мақсетинде мәкемени заманагөй диагностика үскенелери менен тәмийинлеў мәселесине де айрықша итибар қаратылды.



Соның ишинде, рентгенологиялық тексериўлер өткериў ушын рентген диагностика аппараты ҳәм жоқары анықлықта тексериўлерди әмелге асырыў имканиятын беретуғын магнит-резонанс томография аппаратының зәрүр екенлиги атап өтилип, бул үскенелерди енгизиў халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметлердиң сапасын буннан былай да жақсылаўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Ә.Жийемуратов, Қарақалпақстан хабар агентлиги