Ашық сөйлесиў – жаслардың мәпин қорғаўдағы әҳмийетли қәдем

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Президентимиз тәрепинен алға қойылған жаслар сиясатын әмелде тәмийинлеў, жаслардың пикир-усынысларын қоллап-қуўатлаў ҳәм олар менен ашық пикирлесиўди жолға қойыў мақсетинде “Басшы ҳәм жаслар” ушырасыўы шөлкемлестирилди.
Бул илаж Президентимиз тәрепинен елимиз жаслары менен өткерилген сөйлесиўинде ҳәр ҳәптениң пийшемби күни министрликлер, уйымлар, шөлкемлер ҳәм жергиликли ҳәкимликлерде “Жаслар күни”н өткериў бойынша берилген тапсырмалардың орынланыўы шеңберинде шөлкемлестирилди.
Ушырасыўға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Отемуратов, университет ректоры Б.Жоллыбеков ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Дәслеп Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Отемуратов жаслар мәмлекет раўажланыўының тийкарғы ҳәрекетлендириўши күши екенин айрықша атап өтти. Ол бүгинги күнде жаслар ушын жаратылып атырған имканиятлар – сапалы билим алыў, заманагөй кәсиплерди ийелеў, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм инновациялық жойбарларды әмелге асырыў ушын кең шараятлар бар екенлигин айтып, студент-жасларды белсендилик, пидайылық ҳәм жуўапкершилик пенен ҳәрекет етиўге шақырды.
Сондай-ақ, жаслардың бәнтлиги, стартап жойбарларын қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың социаллық машқалаларын шешиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди.
Буннан соң университет ректоры Б.Жоллыбеков шығып сөйлеп, жоқары билимлендириў системасында әмелге асырылып атырған реформалар, билимлендириўдиң сапасын арттырыў, илимий жумысты раўажландырыў ҳәм студентлер ушын жаратылып атырған заманагөй шараятларға тоқтап өтти. Ректор жаслардың билим алыўға болған умтылысы университет раўажланыўының тийкарғы факторы екенин атап өтип, ҳәр бир студенттиң басламасы ҳәм идеясы қоллап-қуўатланатуғынын билдирди.
Ушырасыў даўамында студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўлар менен мүрәжат етип, билимлендириў процеси, әмелият имканиятлары, бәнтлик мәселелери, жаслар жойбарларын финанслық қоллап-қуўатлаў ҳәм социаллық инфраструктураны раўажландырыў бойынша усынысларын билдирди.

Илаж жуўмағында бундай ушырасыўларды турақлы түрде шөлкемлестириў, жаслардың усыныс ҳәм басламаларын әмелий жойбарларға айландырыў және олардың потенциалын жүзеге шығарыўға қаратылған жумысларды избе-из даўам еттириў зәрүрлиги атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги