Жаслар аўқамы координаторлары менен ашық пикирлесиў өткерилди

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде “Жаслар күни” илажлары шеңберинде студент-жаслар менен ислесиўдиң нәтийжелилигин және де арттырыўға қаратылған гезектеги ушырасыў шөлкемлестирилди.
Онда университеттиң жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша проректоры С.Алаўатдинов Жаслар аўқамы координаторлары менен ашық пикирлести.
Ушырасыў даўамында университетте жаслар сиясатын нәтийжели әмелге асырыў, студентлердиң социаллық белсендилигин арттырыў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық илажларын мазмуны жағынан байытыў ҳәм жаслардың басламаларын қоллап-қуўатлаў мәселелери додаланды.


Ушырасыўда факультет ҳәм бағдарларда алып барылып атырған жумыслар да талқыланып, машқалалардың шешимлери бойынша пикир-сыныслар тыңланды.
Айзада Смайлова,
ҚМУ журналистика тәлим бағдары 2-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги