Фармацевтика: кореялы қәнигелер менен бирге ислесиўдиң кейинги басқышы додаланды

Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлигиниң директоры Абдулла Азизов ҳәм Korea Overseas Infrastructure & Urban Development Corporation (KIND) тәрепинен “2025 K-City Network: Ташкент Смарт Био-Цлустер” жойбары шеңберинде гезектеги бирге ислесиў ушырасыўы шөлкемлестирилди.
Ушырасыўда “Tashkent Pharma Park” фармацевтика кластери аймағында әмелге асырылыўы режелестирилген SMART-BIO CLUSTER жойбарына айрықша итибар қаратылды. Бул ири баслама биосанаат зонасы, илимий-изертлеў орайы, жасалма интеллект ҳәм стартаплар аймағы, сондай-ақ, социаллық ҳәм инженерлик-инфраструктура объектлерин өз ишине алады.
Сөйлесиўлер даўамында тийкарғы бағдарлар бойынша бирге ислесиў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды. Атап айтқанда, SMART-BIO CLUSTER жойбарын әмелге асырыўға сырт ел инвестицияларын тартыў, заманагөй биотехнологиялық ҳәм фармацевтика өндирис қуўатлықларын жаратыў, илимий-изертлеў ҳәм инновацияларды раўажландырыў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында биргеликтеги жойбарларды қәлиплестириў, тараўда алдынғы сырт ел тәжирийбесин енгизиў, жоқары маман кадрларды таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў, фармацевтика кластерлериниң нәтийжелилигин арттырыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.
Сондай-ақ, жойбардың экономикалық әҳмийети, соның ишинде, жалпы ишки өнимге қосатуғын үлеси, өндирис көлемин арттырыў ҳәм 8 мыңнан аслам жаңа жумыс орынларын жаратыў имканияты айрықша атап өтилди. Ушырасыў жуўмағында тәреплер жойбарды кейинги басқышқа алып шығыў, атап айтқанда, техникалық-экономикалық тийкарды ислеп шығыў ҳәм оны жоқары дәрежеде усыныў мәселелери бойынша келисимге еристи.
Атап өтилгениндей, бул бирге ислесиў Өзбекстан ҳәм Корея арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў, фармацевтика ҳәм биотехнология тараўларына ири инвестицияларды тартыў және жоқары қосымша қунға ийе инновациялық өндирислерди раўажландырыўға хызмет етеди.
Моҳигул ҚОСИМОВА, ӨзАның хабаршысы