Сурханды раўажландырыў Жаңа Өзбекстанның қубла таяныш үстинин беккемлеў демек – Президент

20

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Сурхандәрья ўәлаятын комплексли раўажландырыў бойынша мәжилис басланды.

– Сурхандәрья тек ғана тәбияты гөззал жер емес, ал руўхы күшли, ғайраты бәлент, ар-намысы беккем инсанлар ели. Сурханды раўажландырыў Жаңа Өзбекстанның қубла таяныш үстинин беккемлеў демек, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Өткен дәўирде аймақта 5 миллиард долларлық 8 мыңнан аслам жойбар иске қосылды. Қытай, АҚШ, Россия, Ҳиндстан, Австрия, Венгрия сыяқлы мәмлекетлер менен инвестиция ҳәм саўда бойынша және 10 миллиард долларлық келисимлерге ерисилди.

Соңғы тоғыз жылда бақша менен қамтыў 28 проценттен 68 процентке артты, 23 жаңа мектеп қурылды, және 448 и оңланды. Қосымша 102 мың оқыўшы орны жаратылды.

Бул дәўирде қурылған 688 көп қабатлы жайға 32 мың шаңарақ көшип өтти. Ангор, Байсын, Жарқорған, Сариосиё ҳәм Термиз районларында “Жаңа Өзбекстан” массивлери шөлкемлестирилди.

“Тўпаланг суў сақлағышының суўынан пайдаланыў” жойбары есабынан Термиз қаласы ҳәм 10 райондағы 563 мың халықтың ишимлик суўы тәмийнаты жақсыланды.

ӨзА