Жоқарғы Кеңес Баслығы Хожели районында жаслар менен ушырасты

14

Жақында ҳүрметли Президентимиздиң жаслар менен олардың басламаларын қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша имканиятларға арналған сөйлесиўи өткерилген еди. Өткерилген ушырасыў шеңберинде жаслар менен жақыннан пикирлесилип, олардың басламалары қоллап-қуўатланды ҳәм усы тийкарда ҳәптениң ҳәр пийшемби күни жаслар күни деп белгиленди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Хожели районындағы жаслар менен ушырасты.

Өткерилген ушырасыўда дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында жасларды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарына айланғанын атап өтти. Онда сондай-ақ, бүгинги күнде талант ҳәм уқыбын жүзеге шығараман, басламаларымды әмелге асыраман деген ҳәр қандай жасқа барлық имканиятлар жаратып берилгенлиги, жаслардың тилек-өтинишлерин тыңлап, олардың машқалаларына шешим табыў ҳәр бир басшы алдындағы тийкарғы ўазыйпалардың бири екенлиги айрықша тилге алынды.

Атап өтиў орынлы, жаслардың машқалаларына шешим табыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм турмыс шараятын жақсылаў бағдарында райондағы ҳәр бир басшы тәрепинен бир қатар жаслар аталыққа алынды. Усы қатарда, Жоқарғы Кеңес Баслығы да 20 жасты өз аталығына алып, оларға жақыннан жәрдем беретуғынлығын айтып өтти.

Өткерилген ушырасыў даўамында жаслардың машқалалары тыңланып, жуўапкерлерге барлық мәселелерди шешип бериў, алдағы ўақытта ҳәр бир жас пенен тиккелей ислесип, оларға жақыннан жәрдем бериў бойынша тапсырмалар берилди.

Ушырасыў даўамында жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм өз исбилерменлигин жолға қойыўы ушын мәмлекетимиз тәрепинен жаратып берилген жеңилликлер таныстырылды.

                                                               Қарақалпақстан хабар агентлиги