Нөкис қаласында мийнет ярмаркасы өткерилди

104

Нөкис қалалық прокуратурасы ҳәм Мәжбүрий орынлаў бюросы басламасы менен Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлими биргеликте жумыссыз алимент төлеўшилердиң бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде усы жылдың 26-февраль күни Нөкис қаласындағы Жаслар орайы имаратында мийнет ярмаркасы өткерилди.

Ярмаркаға Нөкис қаласы прокуроры, Мәжбүрий орынлаў бюросы Нөкис қалалық бөлими баслығы, МОБ Нөкис қалалық бөлими жуўапкер хызметкерлери, сондай-ақ, 35 жумыссыз алимент төлеўшилер ҳәм басқа да пуқаралар қатнасты.

Бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасында Нөкис қаласындағы 25 кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкем өзлериндеги бар болған жәми 108 бос жумыс орынларын усынды. Нәтийжеде 24 пуқара турақлы жумыс орынлары менен тәмийинленип, 3 пуқараға кәсипке қайта таярлаў курсларына жолламалар берилди.

Сондай-ақ, пуқараларға мийнет қатнасықларына байланыслы тараўлар бойынша өзлерин қызықтырған сораўлар бойынша ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.

Бундай илажлар республика бойлап өткерилип атырған болып, усы жылдың өткен дәўири ишинде жәми 100 ден аслам жумыссыз алимент төлеўшилер жумыс пенен тәмийинленген болып, бундай илажлар биринши гезекте социаллық қорғаўға мүтәж болған жас өспирим перзентлерди материаллық жақтан қоллап-қуўатлаўға хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги