Қараөзек районында жаслардың машқалалары үйренилди

17

Жақында Көксарай резиденциясында Өзбекстан Республикасы Президентиниң жаслар менен олардың басламаларын қоллап-қуўатлаўға бағышланған ушырасыўында жүдә әҳмийетли басламалар көтерилген еди.

Ушырасыўда басшылар алдына жасларды кәсип-өнерге үйретиў, стартап ҳәм басламаларын қоллап-қуўатлаў, оларды жумыслы ҳәм дәраматлы етиў бойынша анық ўазыйпалар қойылды.

Усы белгиленген ўазыйпалар шеңберинде Қараөзек районы жаслары менен ушырасыў өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р. Нуразизов бүгинги күни ҳүрметли Президентимиздиң жасларға болған аталарша ғамхорлығы, соның ишинде, Қарақалпақстанлы жасларға айрықша меҳири ҳәм итибары ҳаққында кең түрде атап өтти.

Ушырасыўда сондай-ақ, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликке тартыў, кәсип-өнер ҳәм шет тиллерин үйрениўи ушын жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында мағлыўмат берилди. Буннан соң жаслардың пикир-усыныслары тыңланып, оларды қыйнап киятырған мәселелер бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.

Ҳәр бир жигит-қызды қоллап-қуўатлаў, олардың идея ҳәм жойбарларын әмелге асырыў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бағдарында бирге ислесиўди күшейтиў кереклиги атап өтилди.

Буннан соң, жаслар тәрепинен билдирилген машқалалар орнында үйренилип, унамлы шешимин табыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги