Өзбекстан Президенти Түркия Президенти менен телефон арқалы сөйлести

14

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 26-февраль күни болып өткен телефон арқалы сөйлесиўде Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоғанды туўылған күни менен қызғын қутлықлады.

Мәмлекетимиз басшысы Түркия жетекшисине беккем денсаўлық ҳәм абаданлық, мәмлекетшилик жумысында үлкен табыслар, туўысқан түрк халқына тынышлық-парахатшылық ҳәм раўажланыў тиледи.

Президентлер, сондай-ақ, пүткил мусылман үммети ушын муқаддес болған Рамазан айы менен бир-бирин қызғын қутлықлады.

Өзбекстан – Түркия кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын быйыл январь айында Анкара қаласында ерисилген жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде буннан былай да беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

Мәмлекетлераралық бирге ислесиўде жоқары дәрежеге ерисилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Жақында болып өткен Стратегиялық бирге ислесиў кеңеси мәжилисиниң нәтийжелери еки тәреплеме қатнасықларды сапа жағынан жаңа басқышқа көтергени атап өтилди.

Ислеп шығылған “жол карталары” тийкарында кооперация жойбарларын алға қойыўға айрықша итибар  қаратылды.

Жетекшилер халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алысты, болажақ илажлар режесин додалады.

ӨзА