Ишимлик суўы тәмийнатындағы модернизация жумыслары көзден өткерилди

Президент Шавкат Мирзиёев Термиз қаласында “Тўпаланг” суў сақлағышының суўынан пайдаланыў есабынан Сурхандәрья ўәлаятында ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаў жойбарының әмелий нәтийжелери менен танысты.
Кейинги жылларда мәмлекетимизде суў хожалығы системасын реформалаў, ирригация инфраструктурасын жаңалаў ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў бағдарында системалы жумыслар әмелге асырылмақта.
Сурхандәрья ўәлаятында әмелге асырылып атырған 287 миллион долларлық бул мегажойбар да тараўда ерисилип атырған нәтийжелерден бири болып есапланады.

Бул баслама шеңберинде өткен жыллар даўамында үлкен көлемдеги қурылыс, монтажлаў жумыслары әмелге асырылды. Заманагөй механизмлердиң жолға қойылыўы нәтийжесинде бүгин минералларға бай ишимлик суўы ўәлаяттың он районы ҳәм Термиз қаласына үзликсиз жеткерип берилмекте.

Сурхандәрьяда орайласқан ишимлик суўы менен қамтып алыў сегиз-тоғыз жыл алдын 47 процент еди. Бүгин бул сан 67,5 процентке шекем артыўына ерисилди. Нәтийжеде халықтың суў тәмийнатындағы жағдайы тек ғана муғдар емес, ал сапа жағынан да сезилерли дәрежеде жақсыланды.

Президент бундай ири энергетикалық, технологиялық ҳәм социаллық нәтийжели жойбарларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў зәрүр екенлигин атап өтти. Бундай тәжирийбелерди келешекте мәмлекеттиң басқа аймақларында да қолланыў мүмкин екенлигине итибар қаратты.

Техникалық жақтан жойбардың үлкен жетискенлиги 246 километр магистраль ҳәм ишки тармақтың қурылыўы болды. Әҳмийетлиси, гидравликалық есаплаўлар тийкарында басымды насоссыз узатыў имканияты жаратылды. Бул тек ғана энергия жумсалыўын кескин азайтып қоймастан, ал системаның турақлылығын тәмийинлейди. Әйне усы инновациялық қатнас себепли Термиз қаласы, Ангор, Бандихон, Қизириқ, Шерабад ҳәм Музработ сыяқлы район орайларына суў электр энергиясын жумсамай жеткерип берилмекте.

Бул басламаның нәтийжесинде бүгинги күнде 223 мәҳәлледе суў тәмийнаты беккемленди. Суўдың қаттылық дәрежеси болса еки есеге шекем азайтылды. Сапа артыўы халықтың саламатлығы ҳәм турмыслық үскенелердиң хызмет мүддетин созыўда әҳмийетли фактор болып есапланады.

“Арқа” суў өндирислик объектинде шөлкемлестирилген Геомәлимлеме орайы болса системаның реал ўақытта қадағаланыўына шараят жаратты. Басымның төменлеўи, авария жағдайлары, суў жоғалтыўы сыяқлы мәселелерди бир неше минутта анықлаў имканияты туўылды.
Суў тәмийнаты жақсыланғаны себепли аймақлардағы жүзден аслам жер асты суў қудықларынан пайдаланыўға зәрүрлик қалмады. Бул экологиялық жүкти азайтады.
Сондай-ақ, жойбар нәтийжесинде жылына 18,4 миллион киловатт-саат электр энергиясы үнемлеп қалынады. Бул қаржы ҳәм ресурслар жағынан 18,5 миллиард сум үнемленетуғынын аңлатады. Тутыныўшылардың биллинг системасына жалғаныўы болса суўды есаплаўда ашық-айдынлықты арттырды, қарыздарлықты азайтты.
Және бир әҳмийетли тәрепи, бул жердеги 10 гектар майданда 6418 киловатт-саат қуўатлылықтағы қуяш панеллери орнатылды.
Мәмлекетимиз басшысы бул жерде ўәлаяттың гидроэнергетика көрсеткишлери ҳәм тараўда әмелге асырылып атырған перспективалы жойбарлардың презентациясы менен танысты. Ўәлаятта еле шешилмеген суў тәмийнаты мәселелерин жедел шешиў бойынша ўазыйпаларды белгилеп берди. Атап айтқанда, ески насос агрегатларын энергияны үнемлейтуғын технологияларға алмастырыў, тармақларды модернизациялаў бойынша көрсетпелер берилди.
ӨзА