Зүрәәтлиликти арттырыў мәселелери додаланды

2026-жылдың зүрәәти ушын егилген бийдай тәрбиясы ҳәм быйылғы пахта егиси алдынан орынларда тийисли қәнигелердиң қатнасыўындағы түсиник жумыслары, семинарлар қызғын даўам етпекте.
Қоңырат районындағы Әжинияз аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан «New-Starland» фермер хожалығында да усы мақсетте семинар шөлкемлестирилди.
Илажға райондағы аўыл хожалығы кәрханаларының ҳәм фермер хожалықларының басшылары қатнасты.
Семинарда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 9-декабрьдеги “Пахташылық ҳәм ғәллешиликте зүрәәтлиликти арттырыў ушын жоқары нәтийжели интенсив агротехнологияларды қолланыўдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы қарары ҳаққында мағлыўматлар берилип, қарарда белгиленген ўазыйпалар, аўыл хожалығында интенсив агротехнологияларды енгизиў, пахта ҳәм ғәлле жетистириўде өнимдарлықты арттырыў, сондай-ақ, илимий-инновациялық қатнасларды әмелиятқа енгизиў мәселелери додаланды.

Атап өтилгениндей, қарарға муўапық пахта ҳәм ғәлле жетистириўде алдынғы сырт ел тәжирийбелери тийкарында заманагөй интенсив агротехнологияларды кеңнен енгизиў, тараўды мәмлекет тәрепинен қаржылай қоллап-қуўатлаў механизмлерин буннан былай да кеңейтиў, сондай-ақ, пахта зүрәәтлилигин арттырыўда илим ҳәм инновацияларға тийкарланған жаңа қатнасларды қолланыў нәзерде тутылған.
Мақсет – 2026-жыл ушын тийкарғы мақсетли көрсеткишлер етип заманагөй интенсив агротехнологияларды кеңнен енгизиў нәтийжесинде өнимдарлықты пахташылықта 50 центнерден жоқарылатыў, ғәллешиликте 100 центнерге жеткериў, пахта жетистирилетуғын майданларда толық 76 см. кеңликте бир ҳәм еки қатарлы схемада туқымлық шигит егиўди шөлкемлестириў, сондай-ақ, ғәлле егилетуғын майданларда тек ғана яровизация етилген туқымлық дән егилиўин тәмийинлеў, илим жетискенликлери ҳәм устаз-шәкирт дәстүрлерине тийкарланған жаңа системаны енгизиў арқалы пахташылықта өнимдарлықты арттырыўдан ибарат.
Илаж даўамында қатнасыўшыларға қарардың мазмун-мәниси ҳәм орынлаў механизмлери бойынша ҳәр тәреплеме түсиниклер берилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Орынларда бул бағдардағы илажлар даўам етпекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги