Президент Шавкат Мирзиёев Сурхандәрья ўәлаятына келди

101

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Сурхандәрья ўәлаятына келди. Мәмлекетимиз басшысы сапарын, дәстүрге бола, Ҳәким Термизий мавзолейин зыярат етиўден баслады.

Қуран оқылып, халқымызға, елимизге тынышлық-абаданлық тилеп, пәтия етилди.

Уламалар менен болып өткен сәўбетте ислам дининиң раўажланыўына үлкен үлес қосқан уллы ойшыл, ўатанласымыз Ҳәким Термизийдиң руўхый-ағартыўшылық мийрасын терең үйрениў ҳәм ўатанласларымыз және халықаралық жәмийетшилик арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳаққында сөз болды.

Сондай-ақ, муқаддес динимиздиң жақсылық ҳәм адамгершилик, мийрим-шәпәәт сыяқлы уллы пазыйлетлерин, миллий қәдириятларымызды қәстерлеп-сақлаў ҳәм раўажландырыў, сол тийкарда жас әўладты жақсы идеялар руўхында тәрбиялаў, олардың қәлбинде Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық сезимин және де күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Кейинги жыллары оңланып, және де абат ҳәм гөззал комплекске айланған бул теберик орында зыяратшылар ушын барлық шараят жаратылды. Әтирап абаданластырылып, мақбарада да үлкен көлемдеги жумыслар орынланды. Заманагөй жақтыландырыўлар, ысытыў ҳәм суўытыў системалары орнатылды. Комплексте микроклимат жаратыў ушын төрт мыңнан аслам 40 түрдеги көп жыллық саяманлы терек, 20 мыңнан аслам мәўсимлик ҳәр қыйлы гүллер егилген.

Ислам илимлериниң тафсир, ҳәдис, фиқҳ, калом, ислам философиясы, суфизм тарийхы, суфизм көзқараслары сыяқлы тараўларында көплеген шығармалар жазған ойшыл комплексин абат сақлаў, зыяратшылар ушын қолайлықларды кеңейтиў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.

ӨзА