Сырт ел хабарларына қысқаша шолыў (+видео)

26

Ким Чен Инниң 13 жасар қызы Арқа Корея ядро күшлерин басқарыўға қатнаспақта

Арқа Корея жетекшиси Ким Чен Инниң 13 жасар қызы мәмлекет ядро күшлериниң жумысында қатнасып атырғаны ҳаққында ҒХҚ хабар берди. Мағлыўматларға қарағанда, ол ракета бағдарламалары бойынша есабатлар қабыл етпекте ҳәм әскерий процесслерде қатнаспақта. Қубла Корея аналитиклери бул жағдайды оның итимал мийрасхор сыпатында таярланып атырғаны менен түсиндирмекте. Арқа Корея 1940-жыллардан баслап Кимлер династиясы тәрепинен басқарып келинбекте.

Путин генераллар қәўипсизлигин күшейтиўди буйырды

Россия президенти Владимир Путин қастыянлықлар артынан генераллар ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң қәўипсизлигин арттырыў бойынша тапсырма берди. Ол қәўипсизлик илажларын күшейтиў, әсиресе шегара аймақларында қадағалаўды арттырыў зәрүрлигин атап өтти. Баянат Москвада жүз берген жарылыўдан кейин жаңлады ҳәм терроризмге қарсы гүрести және де жеделлестириў талап етилди.

Түркияда F-16 қырыўшы самолёты апатқа ушырады

Түркияның Балыкесир ўәлаятында F-16 Fighting Falcon әскерий самолёты режели пәрўаз ўақтында апатшылыққа ушырады. Самолёт радарлардан жоғалғаннан кейин аўыл жанына қулаған ҳәм ушыўшы қайтыс болған. Ўақыя орнына қутқарыў хызметлери тартылған, жағдай бойынша тексериў жумыслары алып барылмақта.

Аўғанстан ҳәм Пакистан шегарасында қураллы соқлығысыў

Аўғанстан ҳәм Пакистан күшлери арасында шегара аймағында қураллы соқлығысыў жүз берди. Тәреплер бир-бирин оқ атыўда айыпламақта. Қарама-қарсылықлар алдынғы ҳаўа ҳүжимлеринен кейин кескинлескени айтылмақта. Рәсмий мағлыўматларға бола, аймақта қәўипсизлик илажлары күшейтилген.

АҚШ Өзбекстан пуқарасына санкция енгизди

АҚШ Қаржы министрлиги киберқәўипсизлик илажлары шеңберинде бир қатар шахслар ҳәм компанияларға санкциялар киргизди. Дизимнен Өзбекстан пуқарасы да орын алған. Америка тәрепи бул қарарды кибержынаятлар ҳәм арнаўлы программалық “эксплойт”лар саўдасы менен байланыстырмақта.

Қазақстан 40 өзбекстанды депорт қылды

Қазақстанның Алматы қаласында миграция нызамшылығын бузған 40 Өзбекстан пуқарасы мәмлекеттен шығарып жиберилди. Рәсмийлердиң айтыўынша, оларға ҳәкимшилик шаралар қолланылып, шегараға шекем шығарып салынған. Миграция қадағалаўы күшейтилгени атап өтилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги