Экономика драйвери болған киши бизнеске 131 триллион сум кредит қаратылған

Орайлық банктиң мәлим етиўинше, 2025-жылы киши ҳәм орта бизнес және халықтың исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў ушын ажыратылған кредитлердиң көлеми 131,2 триллион сумға жетти. Бул көрсеткиш 2024-жылға салыстырғанда 42 процентке жоқары болып, мәмлекетте исбилерменлик орталығы ҳәм исбилерменлик жумысы избе-из хошаметленип атырғанын аңлатады.
Бул санлар экономикадағы белсендилик, ишки талап ҳәм реал секторды қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған сиясаттың нәтийжесин айқын көрсетпекте.
Ажыратылған кредитлердиң ең үлкен бөлеги дерлик 43 триллион сумды қурайды. Бул қаржы саўда ҳәм улыўма аўқатланыў тараўына туўра келгени итибарлы. Бул, бәринен бурын, ишки базарда талап турақлы сақланып атырғанын, халықтың тутыныўы ҳәм хызметлер сегменти экономикалық жеделликтиң тийкарғы дереклеринен бири болып қалып атырғанын көрсетеди.
Усақлап сатыў айланысы ҳәм хызметлер көлеминиң өсиўи киши бизнес субъектлери ушын жаңа имканиятлар жаратпақта. Ҳәзирги ўақытта, бул тараўдағы кредит жеделлиги исбилерменлердиң айланыс қаржыларын толықтырыў, жаңа саўда орынлары ҳәм улыўма аўқатланыў шақапшаларын ашыўға хызмет етпекте.
Халықтың исбилерменлик жумысы ушын ажыратылған 21,8 триллион сумлық кредитлер өзин-өзи бәнт етиў ҳәм шаңарақлық бизнести раўажландырыў процесслери жедел даўам етип атырғанын аңлатады. Бул әсиресе, аймақларда жаңа жумыс орынларын жаратыў, дәрамат дереклерин диверсификациялаў ҳәм социаллық турақлылықты тәмийинлеў көзқарасынан айрықша әҳмийетке ийе.
Киши бизнес арқалы бәнтликти арттырыў экономикалық өсиўдиң социаллық нәтийжелилигин тәмийинлейди. Себеби, мине усы сегмент халықтың кең қатламларын экономикалық процесслерге тартады.
Аўыл хожалығы (17,9 трлн. сум), санаат (17,7 трлн. сум) ҳәм қурылыс (15,2 трлн. сум) тармақларына ажыратылған кредитлер реал секторды финанслық жақтан қоллап-қуўатлаў даўам етип атырғанын көрсетеди.
Аўыл хожалығында кредитлер аграр өндиристи модернизациялаў, техника ҳәм үскенелерди жаңалаў, қайта ислеў қуўатлықларын арттырыўға қаратылмақта. Санаат тараўында болса өндирис көлемин кеңейтиў, импорттың орнын басатуғын ҳәм экспортқа қолайлы өнимлер ислеп шығарыўға хызмет етпекте.
Қурылыс тараўындағы қаржыландырыў инфраструктураны раўажландырыў, турақ жай қурылысы ҳәм социаллық объектлерди қурыў арқалы экономиканың басқа да тармақларын хошаметлеўши мультипликатив тәсирге ийе.
Транспорт ҳәм байланыс тараўы ушын ажыратылған 12,5 триллион сумлық кредитлер логистика шынжырларын беккемлеў, жүк тасыў көлемин арттырыў ҳәм санлы инфраструктураны раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Глобаллық базарлар менен интеграцияласыў шараятында нәтийжели транспорт ҳәм коммуникация системасы экономикалық бәсекиге шыдамлылықтың тийкарғы факторларынан бири болып есапланады.
Өткен жылдың көрсеткишлеринен аңлаў мүмкин, киши ҳәм орта бизнес экономиканың әҳмийетли драйвери сыпатында өз орнын беккемлеп бармақта. Бул сегментке бағдарланып атырған қаржы ресурслары ишки талапты қоллап-қуўатлаў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм реал сектор турақлылығын тәмийинлеўге хызмет етпекте.
Соның менен бирге, кредитлер көлеминиң өсиўи олардан нәтийжели пайдаланыў, жойбарлардың экономикалық қайтыўы ҳәм финанслық тәртип мәселелерин де әҳмийетли етип қояды. Себеби, турақлы экономикалық өсиў тек ғана қаржыландырыў көлемине емес, ал оның нәтийжелилигине де тиккелей байланыслы.
Ш.Маматуропова, ӨзАның хабаршысы