Салық жеңилликлеринен пайдаланасыз ба?

Нызамшылыққа муўапық айырым категориядағы пуқараларға мүлк салығын төлеўде жеңилликлер белгиленген. Физикалық шахслардың салық салыныўшы мүлкине оларға тийисли болған турақ жайлар, квартиралар, дала имаратлары, исбилерменлик жумысы ҳәм (ямаса) дәрамат алыў ушын мөлшерленген жасаў ушын мөлшерленбеген көшпес мүлк об]ектлери, қурылысы жуўмақланбаған жасаў ушын мөлшерленбеген объектлер ҳәм көп квартиралы турақ жайларға үзликсиз байланыслы болған автомашина турақ жайлары, сондай-ақ, басқа имаратлар, объектлер ҳәм қурылмалар киреди.
Өзбекстан Республикасы Салық кодексине тийкарланып төмендеги пуқаралар мүлк салығынан азат етиледи:
“Өзбекстан Қаҳарманы” атағы, “Шуҳрат” ордени менен сыйлықланған пуқаралар.
Урыс майыплары ҳәм қатнасыўшылары, сондай-ақ шеңбери нызам ҳүжжетлери менен белгиленетуғын, оларға теңлестирилген шахслар.
Өзбекстан Республикасының конституциялық дүзимин қорғаў ямаса әскерий хызметтиң ямаса ишки ислер уйымларындағы ҳәм Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясындағы хызметтиң басқа миннетлемелерин орынлаў ўақтында жараланыўы, контузия ямаса майып болыўы ақыбетинде ямаса фронтта болыў менен байланыслы кеселлик ақыбетинде қайтыс болған әскерий хызметкерлердиң ҳәм ишки ислер уйымлары ҳәм Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы хызметкерлериниң ата-аналары ҳәм жесир ҳаяллары (жесир ерлери).
Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар. Бул жеңиллик жетим балаларға ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларға мәмлекет тәрепинен ажыратылатуғын турақ жай ушын олар жигирма үш жасқа толғанға шекем әмел етеди.
Төмендеги физикалық шахслардың мүлки болған мүлк алпыс квадрат метр шеңберинде салық салыўдан азат етиледи.
Он ҳәм оннан артық балалары бар ата-аналарынан бири. Бул жеңиллик пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымының балалардың бар екенлигин тастыйықлаўшы мағлыўматнамасы тийкарында бериледи.
Пенсионерлер. Бул жеңиллик пенсия гүўалығы тийкарында бериледи.
I ҳәм II топар майыплығы болған шахслар. Бул жеңиллик пенсия гүўалығы ямаса медициналық-мийнет эксперт комиссиясының мағлыўматнамасы тийкарында бериледи.
Турақ жай фондының көшпес мүлк объектлеринде улыўма қуўатлылығы 100 кВтқа шекем болған қайта тиклениўши энергия дереклеринен пайдаланыўшы шахслар ушын салық суммасы қайта тиклениўши энергия дереклери қурылмалары орнатылған айдан баслап үш жыл даўамында, қуяш панеллери қуўатлылығынан 25 проценттен кем болмаған қуўатлылыққа ийе электр энергиясын топлаў системасы бар болған қуяш панеллери орнатылғанда болса бул панеллер пайдаланыўға тапсырылған айдан баслап он жыл даўамында базалық есаплаў муғдарының еки есесинен аспаған суммаға азайтылады.
Көрсетип өтилген салық жеңилликлерине ийе болған шахслар салық жеңиллигин алыўға болған ҳуқықын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди мүлк жайласқан жердеги салық уйымларына еркин түрде усынады.
ӨзА