Өзбекстан – АҚШ: сапардың сиясий ҳәм стратегиялық әҳмийети

19

Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң АҚШқа әмелге асырған жумыс сапары мазмунға бай протокол сапарында бираз кеңирек әҳмийетке ийе болды. Әдетте бундай статустағы сапар етиўлер қысқа ҳәм анық күн тәртибине ийе болады. Бирақ бул ретки сапар тек ғана халықаралық майдандағы қатнасыў емес, ал әҳмийетли келисимлер ҳәм перспективалы сөйлесиўлер менен де есте қалды.


Сапардың орайлық ўақыясы – Тынышлық кеңесиниң биринши саммити болды. Бул структураның басламашысы болған АҚШ Президенти Дональд Трамп бул мәжилиске мәмлекетимиз басшысын жеке өзи мирәт еткени дыққатқа ылайық. Бул жағдай мәмлекетимиздиң халықаралық сиясий процесслердеги орны барған сайын беккемленип атырғанынан дәрек береди. Саммит шеңберинде Газа секторын тиклеў, гуманитарлық жәрдем көрсетиў ҳәм Жақын Шығыста турақлылықты тәмийинлеў мәселелери додаланды. Ең әҳмийетлиси сонда, Өзбекстан бул процесслерде бақлаўшы емес, ал әмелий үлес қосыўға таяр бирге ислесиўши сыпатында қатнаспақта.

Мәмлекетимиз басшысының шығып сөйлеген сөзинде алға қойылған пикирлер прагматикалық ҳәм тең салмақлы қатнасты сәўлелендирди. Газаның келешеги бәринен бурын, оның халқының разылығы ҳәм ишки таянышына сүйениўи зәрүр екенлиги атап өтилди. Бул принцип халықаралық ҳуқық ҳәм суверенитет принциплерине толық сәйкес келеди. Соның менен бирге, турақ жайлар, социаллық инфраструктура ҳәм медицина мәкемелерин қурыўға жәрдем бериў усынысы Өзбекстанның тынышлық сүйер сыртқы сиясатын және бир мәрте көрсетти.

Сапардың және бир әҳмийетли қатламы – экономикалық дипломатия. Вашингтонда АҚШ саўда ҳәм қаржы топарларының ўәкиллери менен өткерилген ушырасыўлар стратегиялық шерикликти әмелий мазмун менен байытты. Атап айтқанда, BlackRock сыяқлы ири инвестициялық структуралардың қатнасқаны Америка бизнес жәмийетшилигиниң Өзбекстан базарына қызығыўшылығы артып атырғанын көрсетеди. Жанылғы қуйыў шақапшалары тармағы, суўғарыў технологиялары, әҳмийетли минералларды қазып алыў, қусшылық кластерлери ҳәм финанс базарын раўажландырыўға байланыслы ҳүжжетлерге қол қойылыўы сапардың анық нәтийжелер менен жуўмақланғанын билдиреди.

Итибарлы тәреплерден және бири, саммит шеңберинде жигирмаға шамалас мәмлекет делегацияларының басшылары менен өткерилген сөйлесиўлер болып табылады. Бундай ушырасыўлар көбинесе рәсмий баянатлардан гөре нәтийжелирек болады. Себеби, әйне усындай сөйлесиўлерде келешектеги жойбарлар ҳәм өз-ара түсинисиў тийкары қойылады.

Сапар етиўдиң толық мағлыўматлары арасында және бир рәмзий жағдай бар. Ташкентке жол алған мәмлекетимиздиң биринши санлы борты 12 саатлық пәрўаз даўамында мисли “ҳаўадағы штаб”қа айланғаны ҳаққындағы хабар көплеген ўатанласларым қатарында мени де толқынландырды. Бул тәреп заманагөй басқарыў усылын көрсетеди: мәмлекетимиз басшысы сапарда да ишки сиясий ҳәм экономикалық мәселелерден ажыралмаған ҳалда, аймақлар ҳәм тармақлар менен байланысты даўам еттирмекте. Глобаллық күн тәртибинде белсене қатнасыў менен бирге миллий мәплердиң үстинлиги сақланып қалып атырғаны әне сонда көринеди.

Улыўма алғанда, бул әмелий сапар Өзбекстан сыртқы сиясатының жаңа басқышын сәўлелендиреди. Мәмлекетимиз енди халықаралық басламаларды қоллап-қуўатлап ғана қоймастан, оларды қәлиплестириўде белсене қатнасып атырған мәмлекет сыпатында көзге тасланбақта. Вашингтондағы ушырасыўлар соны көрсетти, бүгинги дипломатия тек ғана сиясий билдириўлер менен емес, ал анық экономикалық келисимлер, инвестициялық жойбарлар ҳәм регионаллық турақлылыққа қосылып атырған реал үлес пенен өлшенеди.

Усы мәнисте, бул сапары қысқа мүддетли болса да, узақ келешекке хызмет ететуғын стратегиялық қәдем сыпатында баҳаланбақта.

Мухаммед Игамбердиев,

Өзбекстан Республикасы Президенти

жанындағы Мәмлекетлик сиясат ҳәм басқарыў

академияның магистратура басқышы тыңлаўшысы