Ушыўшы такси ҳақыйқатқа айланбақта
17

Японияның SkyDrive стартапы өзиниң SD-05 модели Токио ҳәм басқа да ири қалалар үстинде сынақ пәрўазларын жуўмақлап, коммерциялық сертификатластырыўдың жуўмақлаўшы басқышында тур.
Қурылма батареяда ислейди ҳәм 12 ротор менен үскенеленген ҳәм 3 адамға мөлшерленген. Ушыў аралығы шама менен 15-20 км, ықшам өлшеми себепли әпиўайы вертолётлар қона алмайтуғын имарат төбелери ҳәм тар майданларға қоныў имканиятына ийе.
Коммерциялық пәрўазлардың толық жолға қойылыўы 2028-жылға мөлшерленген. 2030-жылға барып болса хызмет баҳасы әпиўайы таксилер дәрежесине шекем арзанлаўы күтилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги