Нобель сыйлығының лауреаты ҳаўадан ишимлик суўын алыўшы қурылма жаратты

Берклидеги Калифорния университетиниң профессоры ҳәм 2025-жылғы Нобель сыйлығының лауреаты Омар Яги ығаллық 20% тен төмен болған шараятта да ҳәр күни 1000 литрге шекем таза суў ажыратып алыўға уқыплы қурылманы ислеп шықты. Бул технология жетилистирилген сиңириўши ўазыйпасын атқаратуғын металлорганикалық каркас структураларына (MOF) тийкарланған.
Ҳаўа қурылма арқалы өткенде, каркаслар суў молекулаларын өзине тартады. Қыздырыў нәтийжесинде ығаллық бөлинип шығады ҳәм конденсацияланып, суйықлыққа айланады. Дәстүрий атмосфера суў генераторларынан парықлы түрде, Яги системасы автоном түрде ислейди. Бул, әсиресе, еки миллиардтан аслам адам қәўипсиз ишимлик суўынан айырылған “глобаллық суў тамтарыслығы” шараятында оғада әҳмийетли.
Atoco компаниясы тәрепинен усыныс етилген бул қурылма алдыңғыларына қарағанда ықшамырақ, мобильлескен ҳәм экологиялық жақтан қәўипсизирек. Бул оны тәбийғый апатшылықлардан жәбир көрген аймақларға, Кариб бассейни мәмлекетлерине оператив жеткериў имканиятын береди.

Бул технология химия, материалтаныў ҳәм инженерлик пәнлерин өзинде бирлестиреди. MOF структуралары суўды нәтийжели услап қалады, бул болса орайласқан тармақларға байланыслылықты азайтады ҳәм климат өзгерислерине таярлық көриўге жәрдем береди. Бүгинги күнде технология санаат дәрежесине шықпақта ҳәм суў тамтарыслығы бар аймақлар ушын тийкарғы стандартқа айланыўы күтилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги