Күшли исбилермен- күшли экономиканы жаратады

ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң Жаслар қанаты тәрепинен студент-жаслар ушын “Исбилермен ҳәм жаслар” жойбары шеңберинде нәўбеттеги әмелий мастер-класс шөлкемлестирилди.
Илаж партиямыздың жасларды исбилерменликке кеңнен тартыў, олардың баслама ҳәм инновациялық идеяларын қоллап-қуўатлаў бағдарындағы тийкарғы ўазыйпаларынан келип шығып өткерилди.
Мастер-класс 7 жыллық тәжирийбеге ийе болған жас исбилермен, Grand House”, “Asil Jihaz”, “Vivo Mebel”, “Milano Mebel” ҳәм “Ashil Dasturxon Mebel” сыяқлы жойбарлардың тийкарын салыўшысы Даўлетбай Гулимбетовтың өндирис устаханасында болып өтти.
Исбилермен өз жумысын киши устаханадан баслап, креатив пикирлеў, базар талабын терең таллаў ҳәм заманагөй қатнасықлар тийкарында қысқа ўақыт ишинде бир неше табыслы бренд жойбарларын жолға қойды. Бүгинги күнде ол 10 жастың турақлы бәнтлигин тәмийинлеп, олардың кәсиплик раўажланыўына үлес қоспақта.
Әсиресе, оның жумысында миллий дәстүрлерди заманагөй дизайн шешимлери менен үйлестириўге айрықша итибар қаратылмақта. Базарда аз ушырасатуғын, ҳәттеки интернет платформаларында да жоқ болған дизайн шешимлерин жаратыў арқалы өнимлерине жоқары талапты қәлиплестириўге ерисилген. Онлайн саўда системасы арқалы мәмлекетимиздиң түрли аймақларына жеткерип бериў жолға қойылғаны болса санлы экономика имканиятларынан нәтийжели пайдаланылып атырғанын көрсетеди.
Мастер-класс даўамында Қарақалпақ мәмлекетлик университети физика факультети студент-жаслары өндирис процеси, дизайн жаратыў басқышлары, қарыйдарлар менен ислесиў, онлайн маркетинг ҳәм брендти раўажландырыў бағдарлары бойынша әмелий билимлерге ийе болды. Жас исбилермен креатив идеяны табыслы бизнеске айландырыў, қыйыншылықларды жеңип өтиў ҳәм бәсекиге шыдамлы болыў бағдарында өз тәжирийбеси менен бөлисти.
Бундай әмелий ушырасыўлар партиямыздың исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, жеке меншик мүлкке қол қатылмаслығын тәмийинлеў ҳәм жаслардың бәнтлигин арттырыўға қаратылған стратегиялық мақсетлерине үнлес екенин атап өтиў керек. Жаслардың басламасын хошаметлеў, оларды заманагөй кәсип-өнер ҳәм бизнес көнликпелери менен тәмийинлеў – бул жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм аймақлардың экономикалық потенциалын арттырыўдың әҳмийетли факторы болып есапланады.
ӨзЛиДеП жаслар қанаты буннан былай да “Исбилермен ҳәм жаслар” сыяқлы әмелий жойбарлар арқалы жаслардың бизнес басламаларын қоллап-қуўатлаў, оларды табыслы исбилерменлер менен байланыстырыў ҳәм инновациялық идеяларын жүзеге шығарыўға жәрдемлесиўди даўам еттиреди.



Күшли исбилермен – күшли экономика, белсенди жаслар болса мәмлекет раўажланыўының беккем таянышы болып есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги