Елимизде ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыўдың халықаралық тән алыныўы

Жәҳән банкиниң жаңаланған методологиясына тийкарланған “Ҳаял-қызлар, бизнес ҳәм нызам” индексиниң 2026-жылғы есабат нәтийжелерине бола, Өзбекстан өз позициясын 43 текшеге жақсылап, 100 ден 82,1 балл менен 190 мәмлекет арасында 48-орынды ийеледи.
Халықаралық экспертлердиң жуўмағына бола, Өзбекстанда гендер теңлик бойынша ҳуқықый кепилликлер беккемленгени, мийнет қатнасықларында теңлик нормаларыныӊ енгизилгени, аналық ҳәм ата-аналық дем алысы кепилликлери кеңейтилгени, исбилермен ҳаял-қызлар ушын тең шараятлар жаратылғаны есабынан рейтингте ең тез өсип атырған мәмлекетлерден бирине айланған.
Есабатта айрықша атап өтилиўинше, Өзбекстан Европа ҳәм Орайлық Азия регионында мәмлекетлик сатып алыўларда гендер факторын есапқа алатуғын нызамшылыққа ийе болған санаўлы (жәми 3) мәмлекетлерден бири болып есапланады.
Сондай-ақ, 2023-2025-жыллар аралығында исбилерменлик тараўында гендер теңлигин тәмийинлейтуғын жаңа реформаларды әмелге асырған мәмлекет сыпатында тән алынды.
Индекске бола, Өзбекстанның ҳуқықый реформалар тараўындағы көрсеткиши (82,1 балл) оны дүньяның ең алдынғы мәмлекетлери қатарына алып шықты. Елимиз ҳаял-қызлар ушын тең ҳуқықый орталық жаратыў бағдарында Бразилия, Түркия, Қытай, Япония, Грузия, Сингапур, Қубла Корея ҳәм Ҳиндстан сыяқлы мәмлекетлерди артта қалдырды. Бул абырайлы халықаралық индексте атап өтилген нәтийже Жаңа Өзбекстанда гендер теңликти тәмийинлеў жолында алып барылып атырған системалы реформалар халықаралық көлемде тән алынғанын көрсетеди.
Н.Усмонова,
ӨзА