Студентлер жүўери гүртик писирип жарысты

13

Хабарыңыз бар, 2023-жылдан берли Қарақалпақстан Республикасында 25-февраль жәмийетлик баслама тийкарында “Жүўери гүртик күни” сыпатында халқымыз арасында кеңнен белгиленип келинбекте.

Әлбетте, бундай басламалар ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған дәстүрлерди келешек әўладларға жеткериў, миллетлер арасында дослық ҳәм өз-ара ҳүрметти беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 1-санлы студентлер турақ жайында 25-февраль – Жүўери гүртик күни мүнәсибети менен қарақалпақ халқының миллий тағамы – жүўери гүртикти таярлаў бойынша таңлаў шөлкемлестирилди.

Илажға институттың тийисли жуўапкерлери қатнасып, жасларымыз арасында усындай миллийлигимизди үгит-нәсиятлаўға үлес қосып атырған студентлер турақ жайы жәмәәтине ҳәм педагог-тәрбияшыларына миннетдаршылық билдирди.

Таңлаў шеңберинде студент-жаслар биргеликте миллий тағам – жүўери гүртикти таярлап, байрам дастурханына тартты. Қатнасыўшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен хошаметленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги