“Басламалы бюджет-2026” – пуқаралар ҳәм мәмлекет арасындағы бирге ислесиўдиң жаңа модели

8

Елимизде мәмлекетлик басқарыўда ашық-айдынлық ҳәм пуқаралардың қатнасын кеңейтиўге қаратылған реформалар избе-из даўам етпекте. Усындай әҳмийетли реформалардан бири – “Басламалы бюджет” болып, бул система халыққа өз аймағындағы машқалаларды тиккелей шешиўде қатнасыў имканиятын бермекте.

2026-жыл бул система ушын айрықша басқыш есапланады. Себеби быйылғы процесс тек ғана гезектеги мәўсим емес, ал жаңа қатнаслар, кеңейтилген финанслық имканиятлар ҳәм жоқары системалы өзгерислер менен ажыралып турады. 1-февральдан басланған мәўсим 21-март – Наўрыз күни тийкарғы нәтийжелер жәрияланыўы менен жуўмақланады.

2026-жылғы мәўсим анық режелестирилген басқышлар тийкарында әмелге асырылады. Февраль айында жойбарларды киргизиў ҳәм таңлаў жумыслары алып барылса, март айында үгит-нәсиятлаў ҳәм даўыс бериў процесслери шөлкемлестириледи.

Әҳмийетлиси сонда, енди жойбарлар кейинги басқышларда есапқа алыныўы ушын кеминде 50 даўыс жыйнаўы шәрт. Бул талап тосыннан ямаса аз әҳмийетли басламалардың кейинги басқышларға өтиўин шеклеп, ҳақыйқатында да жәмийетшиликтиң талабына жуўап беретуғын жойбарларды таңлап алыў имканиятын береди.

2026-жылы “Басламалы бюджет” ушын ажыратылып атырған 6 триллион сум қаржы системаның қамтып алыўы ҳәм тәсирин және де кеңейтеди. Қаржылардың белгили бир бөлеги депутатлардың басламалары ҳәм биргеликтеги қаржыландырыў жойбарларына қаратылыўы ресурслардан және де ақылға уғрас пайдаланыўға хызмет етеди.

Сондай-ақ, жойбарлар баҳасына қойылған анық лимитлер (қурылыс ушын 1,648 млрд сум) артықша қәрежетлердиң алдын алып, көбирек аймақларды қамтып алыў имканиятын береди. Бул болса социаллық инфраструктураны кең көлемде жақсылаўға хызмет етеди.

Ең әҳмийетли жаңалық, халықтың тиккелей финанслық қатнасыўын нәзерде тутатуғын шериклик модели болып табылады. Енди, егер пуқаралар жойбар баҳасының 50 процентин өзлери жыйнай алса, қалған бөлеги мәмлекет тәрепинен қапланады ҳәм жойбар автоматикалық түрде жеңимпаз деп табылады.

Жаңа тәртипке бола, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатларына да кеңирек ўәкилликлер берилди. Енди олар өз сайлаў округлеринде жеңимпаз болмаған жойбарлардан ҳәр мәўсимде екеўден таңлап, оларды қосымша түрде қаржыландырыў имканиятына ийе. Бул арқалы аймақлық машқалаларды тереңирек үйрениў ҳәм оларды шешиўде сиясий институтлардың ролин арттырады. Нәтийжеде, айырым себеплерге бола даўыс жетпей қалған, бирақ әҳмийетли болған жойбарлар да әмелге асырылады.

Процесслердиң ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде “Ашық бюджет” мәлимлеме порталы арқалы барлық басқышлар бақлап барылады. Жақын ўақыт ишинде усы платформада әмелге асырылған жойбарлардың интерактив картасы да иске қосылды. Бул арқалы, пуқараларға жойбарлардың жайласыўы ҳәм нәтийжелерин көриў, қаржылардың жумсалыўын қадағалаў, системаға болған исенимди арттырыў имканиятын береди.

2026-жылғы “Басламалы бюджет” мәўсими әпиўайы таңлаў ямаса даўыс бериў процеси емес, ал пуқаралар ҳәм мәмлекет арасындағы бирге ислесиўдиң жаңа модели болып есапланады. Шериклик тийкарында қаржыландырыў, депутатлардың ўәкиллигиниң кеңейтилиўи ҳәм санлы ашық-айдынлықтың күшейтилиўи системаны сапа жағынан жаңа басқышқа алып шықпақта. Ең әҳмийетлиси, бул процесс ҳәр бир пуқараға “Мениң даўысым, мениң басламам” деген исенимди береди.

Дилдора ДЎСМАТОВА,

ӨзА