Балалар омбудсманы: балаларға зорлық жағдайлары бойынша 19 жынаят иси қозғатылған

8

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси өз жумысын баслады. Мәжилисте дәслеп Бала ҳуқықлары бойынша ўәкил (Балалар омбудсманы) диң 2025-жылдағы бала ҳуқықлары ҳаққындағы нызамшылыққа мәмлекетлик уйымлар тәрепинен әмел етилиўи жағдайы ҳаққындағы есабаты көрип шығылды.

Балалар омбудсманы Сурайё Раҳмонованың атап өткениндей, соңғы жыллары мәмлекетимизде баланың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў, оның абырайын ҳәм қәдир-қымбатын қорғаў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарына айланды. “Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Бала ҳуқықлары бойынша ўәкили (Балалар омбудсманы) ҳаққында”ғы нызамның қабыл етилиўи бул бағдарда әҳмийетли ҳуқықый тийкар жаратты. Бүгинги күнде Балалар омбудсманы усы нызамға тийкарланып мәмлекетлик уйымлар, сондай-ақ, кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер ҳәм лаўазымлы шахслар тәрепинен бала ҳуқықлары ҳаққындағы нызамшылыққа әмел етилиўи үстинен парламентлик қадағалаўды әмелге асырмақта.

2025-жылы Бала ҳуқықлары бойынша ўәкил атына Өзбекстан Республикасы пуқаралары, сырт мәмлекетлердиң пуқаралары ҳәм омбудсманлары, пуқаралығы болмаған шахслар, жәмийетлик шөлкемлер ҳәм басқа да юридикалық тәреплерден 1 мың 934 мүрәжат келип түскен.

Ўәкилге тиккелей балалар тәрепинен 42 мүрәжат жолланған болып, бул жәми мүрәжатлардың 2,17 процентин қураған. 2025-жылы Бала ҳуқықлары бойынша ўәкилдиң 35 жеке қабыллаўында 141 пуқара қабыл етилип, олардың мүрәжаты көрип шығылған.

Мүрәжатларды таллаў ҳәм мониторинг жумысы тийкарында бала ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң бузылыўына жол қойылғаны бойынша жәми 36 тәсир ҳүжжети – 2 ескертиў, 6 усыныс, 25 жуўмақ ҳәм 3 суд ҳүжжети үстинен протест келтириў ҳаққында өтиниш киргизилген. Мүрәжатларды үйрениў тийкарында балаларға исленген зорлық жағдайлары бойынша 19 жынаят иси ҳәм 26 ҳәкимшилик ис қозғатылған. Билимлендириў шөлкемлеринде балаларға болған зорлық белгилери анықланған жағдайлар бойынша 15 педагогқа интизамый шара қолланылған.

Сондай-ақ, өткен дәўирде баланың материаллық тәмийнаты бойынша жәми 403 миллион 745 мың сумлық алимент қарыздарлығын өндириўге жәрдемлескен. 52 жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларға мәмлекетлик бажы ҳәм басқа да төлемлерсиз ID-карталарын рәсмийлестириўде әмелий жәрдем көрсетилген.

20 имканияты шекленген бала болса медициналық тексериўден өткерилип, оларға реабилитация, психологиялық-педагогикалық коррекция хызметлерин шөлкемлестириўде жәрдемлескен. Сырт елде ата-анасының қарамағынан айырылған 45 бала болса Өзбекстан Республикасына қайтарылған.

Өткен дәўирде Бала ҳуқықлары бойынша ўәкил тәрепинен бала ҳуқықларын қорғаў тараўында халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў бағдарында да 20 дан аслам илажлар шөлкемлестирилген. Атап айтқанда, Өзбекстанның басламасы менен 2025-жыл 11-12-сентябрь күнлери биринши халықаралық форум өткерилген. Бул илаж жуўмағы бойынша регионаллық бирге ислесиўдиң беккем тийкары сыпатында Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Өзбекстан Балалар омбудсманлары тәрепинен “Орайлық Азия мәмлекетлеринде бала ҳуқықларын қорғаў механизмлерин күшейтиўдиң әҳмийетли мәселелери” темасындағы биринши халықаралық форумының Декларациясына қол қойылған.

Балалар омбудсманының пикиринше, балаларға қарсы зорлық жағдайларының 34,4 проценти олардың өз ата-аналары ямаса басқа жақынлары тәрепинен әмелге асырылғаны шаңарақлық орталықты жақсылаў, шаңарақлық келиспеўшиликлерди сапластырыў илажларын күшейтиўди талап етеди. Көп жағдайларда шаңарақлық келиспеўшиликлерде тийкарынан балалар жәбир көрип атырғаны ашынарлы.

Сондай-ақ, Бала ҳуқықлары бойынша ўәкил балалардың денсаўлығын сақлаў бағдарындағы ҳәрекетлер, системалы жумыслар, шаншыў илажлары ҳаққында да мағлыўматлар берди. Соның менен бирге, айырым балалар санаториялары, балаларды емлеў бөлимлериниң материаллық-техникалық жағдайы қанаатландырарсыз, зәрүр шараятлар жетерли емес екенлиги анықланғанын мәлим етти.

Буннан тысқары, 7,5 мыңнан аслам бала инклюзив билимлендириўге тартылған. Жетим ҳәм ата-анасыз балаларды қорғаў бағдарында Социаллық қорғаў миллий агентлиги тәрепинен белгили жумыслар әмелге асырылған. Соның ишинде, 662 балаға турақ жай сатып алыў ушын қаржылар қаратылған.

Жас өспиримлер арасында ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў мақсетинде профилактикалық илажлар әмелге асырылған. Бул бағдардағы жумыслар нәтийжесинде 5 мың 877 жас өспирим профилактикалық есаптан шығарылған.

Бала ҳуқықлары бойынша ўәкил өз баянатында балалардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў бағдарында бир қатар усынысларды да алға қойды.

Муҳтарама Комилова, ӨзА