Жаңа нызам: миграция, социаллық салық, лицензиялаў сыяқлы тараўларда жаңалықлар енгизилди

2026-жыл 7-февральда “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам күшке кирди.
Сенаттың Бюджет ҳәм экономикалық мәселелер комитети баслығының орынбасары Қобил Турсунов нызамның әҳмийетли тәреплери ҳаққында айтып берди:
– Ҳуқықты қолланыўда бирден-бир әмелиятты тәмийинлеўге тосқынлық етиўши, коррупциялық қәўип-қәтерлерди келтирип шығаратуғын және халық ҳәм исбилерменлердиң артықша сергиздан болыўына себеп болып атырған айырым нормалар жаңаша қатнас ҳәм талаплар тийкарында қайта көрип шығылды.
“Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерин өз-ара муўапықластырыўға қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.
Соның ишинде, “Лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында”ғы нызамда лицензияның әмел етиў мүддетин созғаны ҳәм өзгерткени ушын мәмлекетлик бажы өндирилиўи белгиленген.
Бул норманың бирдей талланыўын тәмийинлеў мақсетинде “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы нызамға лицензияның әмел етиў мүддетин созғаны ҳәм оны өзгерткени ушын мәмлекетлик бажыны өндириў ҳаққында қосымша киргизилди.
Мағлыўмат ретинде айтып өтиў керек, 2024-жылы 1 мың 14 лицензияның әмел етиў мүддети создырылған ҳәм 2 мың 683 лицензия өзгертилген.
“Акционерлик жәмийетлери ҳәм акционерлердиң ҳуқықларын қорғаў ҳаққында”ғы нызамда жәмийеттиң басқа акционерлери тәрепинен сатылып атырған акцияларды үшинши шахсқа усыныс етилип атырған баҳа бойынша ҳәм шәртлер тийкарында акционерлер ямаса жәмийет жеңилликли ҳуқық тийкарында (туўрыдан-туўры) сатып алыўы мүмкин екенлиги белгиленген.
“Баҳалы қағазлар базары ҳаққында”ғы нызамға да усы өзгерис киргизилип, муўапық емеслери сапластырылды.
“Жерлеў ҳәм жерлеў иси ҳаққында”ғы нызамға да қосымша киргизилди. Оған бола, енди мийнет миграциясында болған дәўирде қайтыс болған Өзбекстан Республикасы пуқараларының денелерин алып келиўди шөлкемлестириўге байланыслы қәрежетлер нызамшылықта белгиленген тәртипте Министрлер Кабинети жанындағы Миграция агентлигиниң Миграция қорының қаржылары есабынан әмелге асырылады.
“Мектепке шекемги билимлендириў ҳәм тәрбия ҳаққында”ғы нызамда мектепке шекемги билимлендириў ҳәм тәрбияның мәмлекетлик стандартын тастыйықлаў Министрлер Кабинетиниң ўәкиллиги сыпатында, “Билимлендириў ҳаққында”ғы нызамда болса мәмлекетлик билимлендириў стандартлары Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен тастыйықланатуғыны атап өтилген.
Бул муўапықсызлық сапластырылып, “Мектепке шекемги билимлендириў ҳәм тәрбия ҳаққында”ғы нызамда мектепке шекемги билимлендириў ҳәм тәрбияның мәмлекетлик стандартын тастыйықлаў Министрлер Кабинетиниң ўәкиллигинен шығарылып, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң ўәкиллигине өткерилди.
Салық кодексинде өзин-өзи бәнт еткен шахсларға пенсия төлениўи ушын мийнет стажын есаплаўға Базалық есаплаў муғдарының кеминде бир есеси муғдарында, “Халық бәнтлиги ҳаққында”ғы нызамда болса бул муғдар БЕМниң ярым есесинен аз болмаған муғдарда етип белгиленген.
Нызам менен социаллық салық муғдары бирдейлестирилип, БЕМниң бир есеси етип өзгертилди.
Салық кодексине жыйымларды белгилеў нызамшылық ҳүжжетлеринде емес, тек ғана Салық кодекси ҳәм нызамларда белгилениўи нормасы киргизилди.
Нызам айырым тараўларда бирден-бир ҳуқықты қолланыў әмелиятын қәлиплестириўге, пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплериниң қорғалыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.
Норгул Абдураимова, ӨзА