Өзбекстанда урлық жынаяты: Криминологиялық таллаў

Жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәр қандай мәмлекеттиң тийкарғы ўазыйпаларынан бири болып есапланады. Бул бағдарда урлық жынаятлары айрықша әҳмийетке ийе болып, олар жынаятшылық қурамында кең тарқалған түрлерден бири сыпатында турақлы таллаўды талап етеди.
Сонлықтан, Өзбекстанда усы түрдеги жынаятлардың жағдайын, динамикасын ҳәм себеплерин илимий тийкарда үйрениў арқалы профилактика системасын жетилистириўге айрықша итибар қаратылмақта.
Өзбекстан Криминология изертлеў институты тәрепинен алып барылып атырған турақлы таллаўлар болса жынаятшылықтың реал жағдайын баҳалаў, оның өзгериў тенденцияларын анықлаў ҳәм нәтийжели профилактика илажларын ислеп шығыўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Атап айтқанда, алып барылған таллаўларға бола, мәмлекетте урлық жынаятлары турақлы түрде комплексли криминологиялық таллаў тийкарында үйренип барылмақта. Статистикалық мағлыўматлар соны көрсетеди, 2025-жылы улыўма жынаятшылық дәрежеси ҳәр 100 мың халыққа орташа 412,9 ды қурайды. Бул көрсеткиш жынаятшылық жағдайын баҳалаўда әҳмийетли индикатор болып табылады.
Урлық жынаятларының жыллар бойынша динамикасы болса бирдей емеслиги менен ажыралып турады. Мысал ушын, 2021-жылы бул түрдеги жынаятлар 2020-жылға салыстырғанда 141,7 процентке артқан. Кейинги жылы жағдай өзгерген ҳәм 2022-жылы 22,8 процентлик азайыў бақланған. 2023-жылы да төменлеў даўам етип, 2,5 процентти қураған. Бирақ, 2024-жылы және өсиў атап өтилген ҳәм бул тенденция 2025-жылы да сақланып, 1,7 процентлик көбейиў атап өтилген.
Бул жағдай урлық жынаятының динамикасының түрли факторлар тәсиринде өзгерип туратуғынын ҳәм бул тараўда системалы таллаў турақлы түрде үлкен әҳмийетке ийе екенин көрсетеди.
Жынаят субъектлери кесиминде алып барылған таллаўлар да айырым әҳмийетли өзгерислерди көрсетеди. Соның ишинде, бурын судланған шахслар тәрепинен исленген урлық жынаятлары 2024-жылы артқан болса да, 2025-жылы олардың саны 15,8 процентке азайып, 1 мың 718 ди қураған. Бул көрсеткиш профилактика жумысларының белгили нәтийжелер берип атырғанын аңлатады.
Ҳаяллар тәрепинен исленген урлық жағдайлары да тап усындай динамиканы көрсеткен. 2024-жылы бул көрсеткиш өскен болса, 2025-жылы 16,8 процентке азайып, 1 мың 104 жағдай дизимге алынған.
Унамлы тенденциялардан және бири – жас өспиримлер қатнасыўындағы жынаятлар санының избе-из азайып баратырғаны. Атап айтқанда, жас өспиримлер тәрепинен исленген урлықлар 2024-жылы 9 процентке азайған болса, 2025-жылы және 4,2 процентке қысқарып, 1 мың 313 жағдай дизимге алынған.
Сондай-ақ, жаслар ҳәм жумыссызлар тәрепинен исленген жынаятларда да азайыў бақланбақта. Алкоголь ишимлигин пайдаланған ҳалда жүз берген жынаятлар санының сезилерли дәрежеде азайғаны да унамлы көрсеткиш сыпатында баҳаланбақта.
Жынаятшылық себеплери не болған?
Қәнигелердиң пикиринше, урлық жынаятларының келип шығыўында экономикалық қыйыншылықлар, қадағалаўдың жетерли дәрежеде емеслиги, ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәденияттың жетерли қәлиплеспегенлиги және социаллық орталықтың тәсири әҳмийетли факторлар болып есапланады.
Соның ушын профилактика жумыслары тек ғана жаза илажлары менен шекленип қалмаўы зәрүр. Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, ҳуқықый үгит-нәсиятлаў жумысларын күшейтиў ҳәм мәҳәллелерде қадағалаў механизмлерин беккемлеў болса жынаятлардың алдын алыўда үлкен әҳмийетке ийе.
Бул қатнас жынаятшылыққа қарсы гүресиўде комплексли ҳәм системалы илажларды әмелге асырыў оғада зәрүр екенлигин көрсетеди.
Қалаберди, соңғы жыллары жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў тараўында санлы технологияларды енгизиўге айрықша итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, “Оперативлик басқарыў орайлары” шөлкемлестирилип, мыңлаған видеобақлаў қурылмалары бирден-бир системаға интеграцияланған.
Бул система жынаятларды оператив анықлаў, оларды ашыў ҳәм алдын алыў имканиятларын сезилерли дәрежеде кеңейтпекте.
Соның менен бирге, эксперт-криминалистика тараўында геном мағлыўматларынан пайдаланыў әмелиятының жолға қойылыўы ҳәм заманагөй лабораториялар жумысының кеңейтилиўи жынаятларды ашыў нәтийжелилигин арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Алып барылған таллаўлар болса Өзбекстанда урлық жынаятының жағдайы турақлы түрде илимий тийкарда үйренилип атырғанын көрсетеди. Айырым жылларда өсиў бақланған болса да, жынаят субъектлери бойынша, атап айтқанда бурын судланғанлар, ҳаял-қызлар, жас өспиримлер, жаслар ҳәм жумыссызлар қатнасыўындағы жынаятлардың азайыўы профилактика жумыслары белгили нәтийже берип атырғанын тастыйықлайды.
Бул процессте Өзбекстан Республикасы Криминология изертлеў институты тәрепинен әмелге асырылып атырған илимий таллаўлар айрықша әҳмийетке ийе. Институт тәрепинен таярланып атырған криминологиялық таллаўлар, статистикалық мағлыўматларды терең үйрениў ҳәм илимий тийкарланған жуўмақлар жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў бойынша нәтийжели қарарлар қабыл етиў ушын әҳмийетли тийкар болып хызмет етпекте.
Нәтийжеде, илимий қатнас, заманагөй технологиялар ҳәм системалы профилактикалық илажлардың үйлесимлилиги жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм жынаятшылықты азайтыўда әҳмийетли фактор болмақта.
М.Эшмирзаева, ӨзА