Еркеклер ҳаял-қызларға қарағанда көбирек калория қабыл етиўи керек пе?

16

Әдетте еркеклер ҳаялларға қарағанда көбирек калория жемеўи керек пе? Британиялы диетолог Бетан Крауздың пикиринше, улыўма алғанда сондай, бирақ бул ҳәммеге бирдей қолланылатуғын қағыйда емес.

Бизге белгили, инсан организми ҳәрекетлениўден баслап уйқылаўға шекемги барлық процесслер ушын энергия сарплайды. 19 жастан 64 жасқа шекем болған үлкенлер ушын суткалық орташа энергия талабы ҳаялларда шама менен 2 000 калория, еркеклерде болса 2 500 калория есапланады. Балалар ҳәм өспиримлерде бул көрсеткишлер сезилерли өзгешеленеди, 65-74 жаста кемейип барады, 75 жастан кейин болса және де кемейеди. Бирақ орташа санлар барлық жағдайларды толық сәўлелендирмейди.

Қәнигелердиң пикиринше, еркеклердиң көбирек калорияға мүтәж болыўының тийкарғы себеплеринен бири – олардың тынышлықтағы (базал) зат алмасыў дәрежеси жоқарырақ. Бул тийкарынан дене дүзилисиндеги парықлар менен түсиндириледи: орташа есапта еркеклерде булшық ет массасы көбирек, ҳаялларда болса май қатламы үлеси жоқарырақ болады. Булшиқ ет тоқымасы майға қарағанда көбирек энергия сарплайды.

Сондай-ақ, гормоналлық факторлар да үлкен әҳмийетке ийе. Еркеклерде жоқары муғдарда ушырасатуғын тестостерон гормоны булшық ет өсиўин қоллап-қуўатлайды. Сол себепли бойы, жасы ҳәм салмағы бирдей, ҳәттеки физикалық шынығыўлары да тең дәрежедеги еркек ҳәм ҳаялдың калория талабы парықланыўы мүмкин. Бирақ бул бағдарда индивидуаллық айырмашылықлар да үлкен орын тутады.

Мәселен, булшық етли ҳаял ҳәм орташа дүзилистеги еркекти салыстырғанда, айырым жағдайларда ҳаялдың тынышлықтағы калория талабы жоқарырақ болыўы мүмкин. Егер ол турақлы түрде көбирек физикалық шынығыўлар ислесе, бул мүтәжлик және де артады. Соның менен бирге, узақ мүддетли қатаң диета организмниң тийкарғы энергия жумсалыўын азайтыўы, яғный зат алмасыўы тезлигин пәсейтиўи мүмкин.

Сонлықтан қәнигелер жеке калория нормасын анықлаўда улыўма көрсеткишлерге емес, ал индивидуаллық өзгешеликлерге сүйениў мақсетке муўапық екенлигин атап өтеди. Зәрүр жағдайларда исенимли медициналық дереклердиң усынысларынан пайдаланыў керек.

Қарақалпақстан хабар агентлиги