Таў-кән санаатында перспективалы жойбарлар бойынша сөйлесиўлер өткерилди

Таў-кән санааты ҳәм геология министри Бобур Исломов ҳәм “Traxys Group” бас атқарыўшы директоры Марк Кристоф басшылығындағы компания делегациясы арасында ушырасыў өткерилди.
Онда тәреплер тармақты раўажландырыў, инвестициялық шерикликти кеңейтиў ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў перспективалары бойынша пикир алысты.
Сөйлесиўлер процесинде мәмлекетимизде таў-кән санааты ҳәм геология тармағын модернизациялаў, ресурс базасын кеңейтиў, геологиялық излеў жумысларын жеделлестириў және тармақты санластырыў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳаққында мағлыўмат берилди. Сондай-ақ, инвесторлар ушын жаратылып атырған қолайлы шараятлар, ашық-айдын механизмлер ҳәм мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажлары да айрықша атап өтилди.

Ушырасыў даўамында делегация ағзаларына тараў кәрханалары тәрепинен қолға киргизилип атырған өндирис көрсеткишлери, технологиялық жаңаланыўлар, қазып алыў көлемлерин арттырыўға қаратылған бағдарламалар ҳәм жақын келешекте әмелге асырылыўы режелестирилген жойбарлар таныстырылды. Онда халықаралық стандартлар тийкарында жумыс ислеў, өнимниң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў ҳәм экспорт потенциалын кеңейтиў тийкарғы ўазыйпалар сыпатында атап өтилди.
Министрлик мәлимлеме хызметиниң хабарына бола, “Traxys Group” металлар ҳәм тәбийғый ресурслар менен шуғылланыўшы халықаралық компания. Бас резиденциясы Люксембургда жайласқан. Дүнья бойлап 20 дан артық офиси бар. Кәрхана минераллар ҳәм санаат шийки затларын излеў, саўда ҳәм тарқатыў менен шуғылланады.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер конструктивлик сөйлесиў ҳәм ашық пикир алысыў келешекте өз-ара исенимли шерикликти буннан былай да беккемлеў, перспективалы биргеликтеги басламаларды алға қойыў ҳәм таў-кән санаатында турақлы бирге ислесиўди избе-из раўажландырыў ушын әҳмийетли тийкар болып хызмет ететуғынын атап өтти.
Н.Зиёдуллаева, ӨзА