“Ҳаял-қызлардың репродуктивлик саламатлығы ушын платформа жараттық” (+видео)

“Санлы технологиялар бағдарында ең жақсы стартап” жойбарының быйылғы 1-орын жеңимпазлары Көксарай резиденциясында мәмлекетимиз басшысына өз жойбарларын таныстырды.
Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 15-февральдағы “Өзбекстан Республикасы Президентиниң сыйлығы ушын “Санлы технологиялар бағдарында ең жақсы стартап” (President Tech Award) таңлаўын өткериў тәртиби ҳаққында”ғы қарары тастыйықланған.
Усы қарарға тийкарланып, “Бағдарламалық өнимлер ҳәм мәлимлеме технологиялары технологиялық парки дирекциясы” тәрепинен Санлы технологиялар министрлигиниң жәрдеминде “Санлы технологиялар бағдарында ең жақсы стартап” таңлаўы жолға қойылды. Таңлаў 2023-жылдан баслап өткерилип келинбекте.
– Мен ҳаял-қызлардың репродуктивлик саламатлығына бағышланған “Femmy” санлы платформасының тийкарын салыўшылардан биримен.
Ҳаяллар көбинесе денсаўлығы бойынша әпиўайы, бирақ әҳмийетли сораўларға исенимли жуўап табыўда қыйналады. Алдынлары өзим де денсаўлығыма байланыслы сораўларыма жуўап табыўда қыйналғанман. Усы машқаланы шешиў мақсетинде биз платформасын жараттық.
Бүгинги күнде 20 000 нан аслам ҳаял-қызлар платформадан пайдаланбақта, пайдаланыўшылардың 70 проценти аймақларда жасайды.
Femmy ҳаял-қызларға медициналық мағлыўмат бериў менен бирге, өзиниң саламатлық трекерине де ийе. Бул трекер арқалы ҳаял-қызларда болатуғын ҳәр қыйлы дәўирлер ямаса денсаўлық көрсеткишлерин бақлап барыўы мүмкин. Бул болса ерте машқалаларды анықлаў ҳәм шыпакерге өз ўақтында хабарласыўға жәрдем береди.
Femmy ҳаял-қызларға медициналық мағлыўмат бериў менен бирге, өзиниң саламатлық трекерине де ийе. Бул трекер арқалы ҳаял-қызларда болатуғын ҳәр қыйлы дәўирлер ямаса денсаўлық көрсеткишлерин бақлап барыўы мүмкин. Бул болса ерте машқалаларды анықлаў ҳәм шыпакерге өз ўақтында хабарласыўға жәрдем береди.
Бәринен бурын, мәмлекетимиздеги денсаўлықты сақлаў ҳәм санлы инновацияларға берип атырған итибар ушын оғада миннетдармыз ҳәм мүнәсип үлес қосыўға таярмыз.
Келешекте социаллық қорғаўға мүтәж ҳаял-қызлар ушын бийпул телемедицина хызметлерин жолға қойыўды да режелестирип қойғанбыз.
Биз Femmy платформасын мәмлекетлик поликлиникалар ҳәм басқа да медициналық мәкемелер менен байланыстырып үгит-нәсиятлаўды режелестиргенбиз.
Бул арқалы көбирек ҳаял-қызлар Femmy ҳаққында хабардар болады, медициналық саўатлылығы артады.
Нәтийжеде мәмлекет медицинасының нәтийжелилиги артады ҳәм заманагөй санлы шешимлерден кеңнен пайдаланыў имканияты жаратылады.
Мен мәмлекетимиз басшысына Femmy платформасын мәмлекетлик поликлиникалар ҳәм басқа да медициналық мәкемелер менен байланыстырыў нәтийжеси ҳаққында презентация өткердим.
Абдулазиз РУСТАМОВ, ӨзА