Қәлбеки алкоголь өнимлерин ислеп шығарыў жумысына шек қойылды

8

Нөкис қаласында қәлбеки алкоголь өнимлериниң нызамсыз айланысы ҳәм “жасырын цех” жумысының алдын алыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының Контрабандаға қарсы гүресиў бөлими ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери менен биргеликте алдын ала алынған мағлыўматлар тийкарында оператив илаж өткерилди.

Нәтийжеде алкоголь өнимлерин ислеп шығарыўда пайдаланылатуғын улыўма баҳасы 129 миллион сумға тең болған 138 дана акциз маркасы, 20,65 литр қолдан таярланған спиртли ишимлик, 45 дана желим, 6 дана фильтрлеў үскенеси, 1 дана мөр, 33081 дана бос шийше ыдыс және алкоголь өнимлерин таярлаўда пайдаланылатуғын басқа да буйымлар анықланды.

Бул жағдай бойынша Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 176-статьясы 1-бөлими ҳәм 186-статьясы 2-бөлими менен жынаят иси қозғатылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги