«Арал Академия» футболшылары ярым финалда

Усы күнлери Гүлистан қаласында футбол бойынша жас өспиримлер арасында «Сырдәрья ўәлаяты ҳәкими кубоги» жарысы болып өтпекте.
Бул жарысқа Наўрыз Алимов басшылығындағы «Арал Академия» командасы да табыслы қатнаспақта. «В» топарынан орын алған нөкисли футболшылар турнирдиң биринши турында «Самарқанд» футбол академиясы командасын 3:1, екинши турда Сырдәрья футбол академиясы футболшыларын 1:0 есабында жеңип шығыўға еристи.
Ал, үшинши турда болса, жас футболшыларымыз А.Жомий клубы менен өз-ара ойнап, өз қарсыласларына 0:1 есабында жеңилип қалды.
Бул турдағы упай жоғалтыўға қарамастан командамыз турнирдиң ярым финалына жол алды ҳәм «В» топарының жетекшиси «Гүлистан» клубы менен өз-ара гүрес жүргизеди.

«Арал Академия» командасына бул ойында да жеңиске ерисиўине тилеклеслик билдирип қаламыз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы