Заманагөй қәўиплерге қарсы системалы қатнас

22

Арқа-батыс әскерий округинде “Киберқәўипсизлик” айлығы шеңберинде “Сергеклик – ең күшли киберқорғаў” сүрени астында реже тийкарында оқыў-әмелий шынығыў шөлкемлестирилди.

Оқыў Киберқәўипсизлик бөлими қәнигелери тәрепинен алып барылып, онда мәлимлеме технологияларынан пайдаланып жүз бериўи мүмкин болған урлықлар, онлайн алдаўшылық, руқсатсыз кириў, мағлыўматларды нызамсыз қолға киргизиў ҳәм тарқатыўға байланыслы жағдайлар бойынша толық түсиниклер берилди. Қатнасыўшыларға кибержынаятшылықтың заманагөй көринислери, оларды әмелге асырыў механизмлери ҳәм нәтийжели қорғаныў усыллары системалы түрде түсиндирилди.

Илаж даўамында зыянлы программалар, фишинг ҳүжимлери, социаллық инженерлик усыллары, сондай-ақ, жасырын хызмет мағлыўматларын қолға киргизиўге қаратылған қәўиплер реал ўақыяларға жақынластырылған сценарийлер тийкарында талланды. Әмелий шынығыўлар процесинде әскерий хызметкерлер шәртли киберҳүжимлерди анықлаў, қәўип дәрежесин баҳалаў, оператив ҳәм тийкарланған қарар қабыл етиў бойынша көнликпелерин беккемледи.

Сабақта мәлимлеме қәўипсизлигиниң теориялық-ҳуқықый тийкарлары, локал тармақларда қәўипсизликти тәмийинлеў механизмлери, мәлимлеме ресурсларын сегментлеў ҳәм қадағалаў усыллары кеңнен сәўлелендирилди. Инсан факторының мәлимлеме қәўипсизлигиндеги орны айрықша атап өтилип, хызмет жумысында жуўапкершилик, сергеклик ҳәм тәртиптиң тийкарғы әҳмийети атап өтилди.

Сондай-ақ, хызмет телефонлары ҳәм компьютер техникасынан пайдаланыў қағыйдалары, жасырын мағлыўматларды сақлаў ҳәм узатыўда белгиленген талап ҳәм нормаларға қатаң әмел етиў зәрүрлиги бойынша анық усыныслар берилди. Қатнасыўшыларға күшли пароль сиясатын енгизиў, еки басқышлы аутентификациядан, лицензияланған антивирус программаларынан ҳәм қорғалған байланыс каналларынан пайдаланыў бойынша әмелий көрсетпелер берилди. Атап өтилгениндей, глобалласыў ҳәм санластырыў процесслери жеделлесип атырған бүгинги шараятта мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәр бир әскерий хызметкердиң тиккелей хызмет миннетлемелеринен бири болып есапланады. Сонлықтан, “Киберқәўипсизлик” айлығы шеңберинде өткерилип атырған бундай илажлар жеке қурамның мәлимлеме қәўип-қәтерлерине қарсы турақлы иммунитетин қәлиплестириў, миллий мәлимлеме мәканын исенимли қорғаў ҳәм хызмет жумысында заманагөй қәўипсизлик стандартларын избе-из енгизиўге хызмет етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги