Беларусь Бас министри TEXNOPARK жумысы менен танысты

9

Беларусь Республикасы Бас министри Александр Турчин басшылығындағы делегация елимизге рәсмий сапары шеңберинде “TEXNOPARK” ЖШЖ өндирислик комплексине барды.

Мийманларға кәрхананың өндирислик қуўатлылығы таныстырылды. Атап айтқанда, олар электрон газ есаплағыш, лифт ҳәм эскалатор, музлатқыш ҳәм кир жуўыў машинасы, кондиционер, насос, сондай-ақ, алюминий композит панель ҳәм базальт изоляция материалларын ислеп шығарыў процеси менен жақыннан танысты.

2019-жылы импорттың орнын басатуғын өнимлерди ислеп шығарыў мақсетинде шөлкемлестирилген бул кәрхана бүгинги күнде жоқары технологиялы өндириске бағдарланған 17 объектти бирлестирген ири санаат орайына айланған. Ҳәзирги ўақытта комплексте 5 000 ға шамалас хызметкер жумыс алып барады.

Технопарк өнимлери Россия, Румыния, Қазақстан, Әзербайжан, Грузия, Тәжикстан, Монголия, Түркия, Қырғызстан ҳәм Аўғанстан базарына экспорт етилмекте.

Дильшод ҲАКИМОВ, ӨзАның хабаршысы